7-август күни Ҳиндстанныӊ Ченнай қаласында өткерилип атырған пүткил жер жүзилик шахмат Олимпиадасында 9-тур ойынлары болып өтти.

Онда табыслы қатнасып киятырған Өзбекстан сайланды командасыныӊ жигитлери жәҳәндеги еӊ күшли командалардан есапланған Армения сайланды командасы ағзалары менен өз-ара ушырасты.

Қызықлы болып өткен бул ойынлар жуўмағында командамыз шахматшылары 3-1 есабында жеӊиске ерисиўге миясар болды.

Атап айтатуғын болсақ, командамыз ағзаларынан Жавоҳир Синдаров ҳәм Жаҳонгир Воҳидовлар өз қарсыласларын жеӊип шыққан болса, Нодирбек Абдусатторов ҳәм Нодирбек Якуббаевлар теӊбе-теӊ ойнап, бир упайды қолға киргизди.

Ал, қызларымыз болса, бул турда Израил сайланды командасы шахматшыларына 1,5-2,5 есабында утылып қалды.

Солай етип 9-турдан соӊ Өзбекстан сайланды командасы жигитлери өз упайларын санын 16 ға жеткерип, 1-орынға көтерилип алды.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы