Италия пайтахты Рим қаласында спорт гүреслери бойынша жас өспиримлер арасында өткерилип атырған жәҳән чемпионатында еркин гүрес түри бойынша беллесиўлерде 57 кг салмақта елимиз абырайын мүнәсип түрде қорғап киятырған Улмекен Есенбаева қола медалы ушын болған гүресте АҚШлы спортшыны жеӊип шығып, сыйлы 3-орынды ийелеўге миясар болды.
Тилекке қарсы, Өзбекстан сайланды командасы қурамында қатнасқан қалған 3 палўанымызға бул жарыста бираз әўмет жетиспеди.
Кеше бул палўанларымыз елимизге қайтып келип, оларды Нөкис темир жол вокзалында салтанатлы күтип алыў мәресими болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы спортты раўажландырыў министри ўазыйпасын атқарыўшы А.Алланазаров, Республикалық спорттыӊ жеке түрлери бойынша қәнигелестирилген Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеби директоры Д. Наўрызбаевлар шығып сөйлеп, жарыс жеӊимпазы ҳәм оныӊ тренерлерин, ата-аналарын Улмекен Есенбаеваныӊ қолға киргизген табысы менен қутлықлап, оған естелик саўғаларын тапсырды.
Өз гезегинде мәресимде Улмекен Есенбаева ҳәм олардыӊ тренерлери де шығып сөйлеп, өзлерине қаратып атырған итибары ушын министрлик ҳәм мектеп басшыларына тереӊ миннетдаршылық билдирди.
Жеӊимпаз спортшыны жарысқа тәжирийбели тренерлерден Баҳадыр Қәлимбетов, Бахыт Марқабаев ҳәм Зинетдин Тасимовлар таярлады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы