Қытай Халық азатлық армиясы басшысы әскерлерди «урысқа таярланыўға» шақырды. Бул ҳаққында қысқаша хабар ҚХР 80-қоспа қураллы армиясының Weibo социаллық тармағындағы аккаунтында жәрияланды, деп жазады Global Times
«Урысқа таярланың!» шақырығы АҚШ Конгресси Ўәкиллер Палатасының спикери Нэнси Пэлосидиң Тайванға режелестирилген сапары фонында 12 саат ишинде 300 000 нан аслам лайк ҳәм 19 000 пикир жыйнады.
Басылымға берген түсиндириўинде Қытай армиясы ўәкиллери бул армия шөлкемлестирилгениниң 95 жыллығына туўра келгенине айтқан.
Басылымның жазыўынша, көплеген социаллық тармақ пайдаланыўшылары бул шақырықты қоллап-қуўатлап, пикир қалдырған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги