«Шаржа» клубы ҳәм Өзбекстан миллий сайланды командасы ярым қорғаўшысы Отабек Шукуров өзиниӊ футболшылық карерьасын Түркия чемпионатында даўам еттиреди.
26 жасар футболшыны Стамбулдыӊ «Фотиҳ Карагюмрюк» клубы өз қурамына қосып алды.
Мағлыўмат ушын айтып өтетуғын болсақ, «Фотиҳ Карагюмрюк» клубына италиялы атақлы футболшы Андреа Пирло тренерлик етип келмекте ҳәм оныӊ басшылығында бул команда өткен мәўсимде 8-орынды ийелеўге миясар болған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги