Кеше Рим қаласында спорт гүреслери бойынша жас өспиримлер арасында өткерилип атырған жәҳән чемпионатында еркин гүрес түри бойынша беллесиўлер болып өтти.

Онда 57 кг салмақта елимиз абырайын мүнәсип түрде қорғап киятырған Улмекен Есенбаева ярым финалда япониялы Совака Учидан 0-4 есабында жеӊилип қалды. Енди ол өтиў басқышында жеӊимпаз болған палўан менен қола медалы ушын гүрес алып барады.

Ал, бул жарысты шерек финалдан баслаған және бир қарақалпақстанлы палўан Гүлнура Русланова кеше 43 кг салмақта ҳиндстанлы Ритикаға жеӊилип қалды. Енди ол өтиў басқышында италиялы Мелисса Дорофтейге қарсы гүреске шығады. Егер ол бул басқышта италиялы палўанды жеӊип шықса, украиналы Анастасия Полска менен қола медалы ушын беллсиўге түседи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги