Ташкенттиӊ «Пахтакор» клубы польшалы ҳүжимши Пшемислав Банашакти өз қурамына қосып алды.
Мәлим болыўынша, «Пахтакор» Банашакти «Гурник» клубынан сатып алған ҳәм 25 жасар бул футболшы Ташкент клубы менен 1,5 жылға өз-ара шәртнама дүзген.
Пшемислав өзиниӊ футболшылық дәўиринде «Челмианка» ҳәм «Виздев» командалары қурамында ҳәрекет еткен.
Буннан алдын, яғный 15-июль күни «Пахтакор»ға бурынғы белгили футболшы Максим Шацких бас тренер сыпатында кеӊ жәмийетшиликке таныстырылып, оныӊ менен баспасөз әнжуманы өткерилген еди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги