17-25-июль күнлери Ташкент қаласында аўыр атлетика бойынша жас өспиримлер ҳәм жаслар арасында Азия чемпионаты болып өтти.
Азияныӊ 21 мәмлекетинен күшли атлетлер қатнасқан бул бириншиликте жас өспиримлер командасы да, жаслар командасы да чемпионатта өзлериниӊ күш ҳәм шеберликлерин көрсетип, улыўма командалық есапта 1-орынды ийелеўге миясар болды.
Атап айтқанда Өзбекстан сайланды командасы ағзалары тәрепинен 13 алтын, 13 гүмис ҳәм 14 қола медаллары қолға киргизилди.
Соныӊ ишинде, улыўма командалық есапта жаслар арасында Өзбекстан биринши, Иран екинши, Қазақстан үшинши орынды ийелеген болса, қызлар арасында Вьетнам биринши, Өзбекстан екинши, Ҳиндстан үшинши орынларды ийеледи.
Ал, жас өспиримлер арасында болса, Өзбекстан, Ҳиндстан ҳәм Вьетнам сайланды командалары күшли үшликтен орын ийеледи.
Бул жарыста 8 Азия ҳәм 7 жәҳән рекордлары орнатылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги