Жақында Қырғыз Республикасыныӊ Нарын ўәлаятында ересеклер арасында халықаралық турнир болып өтти.
Дүньяныӊ көплеген еллери қатнасқан бул жарыста Өзбекстан Республикасы сайланды командасы қурамында республикамыздан 57 кг салмақта Мәдияр Данияров, 75 кг салмақта Шерзад Қәдирбаевлар тренери Шарап Айтбаевтыӊ басшылығында табыслы қатнасып қайтты.
Атап айтқанда, Мәдияр Данияров финалға шекем барлық қарсыласларын жеӊип шығып гүмис медалды ийелеген болса, Шерзад Қәдирбаев қола медалын қолға киргизиўге миясар болды.
-Бул ересеклер арасындағы халықаралық жарыста көп жыллардан берли ерискен дәслепки табысымыз болды,-дейди бизге Өзбекстан бокс федерациясыныӊ Қарақалпақстан бөлиминиӊ атқарыўшы директоры Икрам Шамуратов.-Алдағы ўақытлары бул спортшыларымыз өзлерине билдирилген исенимди еле де толық ақлап шығып, Азия ҳәм жәҳән чемпионатларында да жеӊиске ерисетуғынлығына толық исенемен.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы