Ҳәзирги ўақытта республикамыздағы 8 районда 10 салыгершилик кластерлери шөлкемлестирилген болып, оларға 1797 гектар жер бириктирилген.

Кластер кәрханаларының салыны қабыллаўы ушын 16150 тонналық үсти жабық ҳәм ашық бастырма болып, 7650 тонналық салыны қайта ислеў қуўатлылығына ийе дигирманлары ислеп турыпты. Кластер кәрханалары, жәми 126 аўыл хожалығы техникалары ҳәм агрегатларына ийе.

– Салыгершилик кластер кәрханалары тәрепинен быйыл баҳасы 14 миллиард 940 миллион сумлық 4 жойбардың әмелге асырылыўы белгиленген,-дейди Қарақалпақстан Республикасы аўыл хожалығы министрлигиниң жыйма информациялық ҳәм статистикалық анализ бөлими қәнигеси И.Толыбеков. –  Нәтийжеде, жаңадан 96 жумыс орны жаратылады.

Атап айтқанда, салыны қайта ислеўди шөлкемлестириў бойынша 3 миллиард сумлық 2, өнимлерди сақлаў қоймаханаларын шөлкемлестириў бойынша баҳасы 11 миллиард 940 миллион сумлық 2 жойбар әмелге асырылады.

Сондай-ақ, республикамызда мийўе-овощ жетистириў бойынша да 30 кластер жумыс ислемекте.

Быйыл усы кластерлер тәрепинен 9,9 мың тонна мийўе-овощ өнимлерин жетистириў, олардың 6,3 мың тоннасын ишки тутыныўшыларға, 223 тоннасын қайта ислеўге, 2,3 тоннасын экспорт етиўге бағдарлаў режелестирилген.

Усы кластерлердиң бесеўи 20,7 мың тонналық өнимди қайта ислеў кәрханаларына ҳәм екеўи 1,5 мың тонналық сыйымлылықтағы музлатқышлы инфраструктураларға ийе.

Районлардағы мийўе-овощ жетистириўши 1258 фермер хожалықлары ушын, жәми 13,2 мың гектар жер ажыратылған.

Кластерлер тәрепинен 2022-2024-жылларда баҳасы 205 миллиард 225 миллион сумлық, жүзим жетистириўди шөлкемлестириў, жүзимгершилик кластерлерин шөлкемлестириў, мийўели бағлар жаратыў, аўыл хожалығы техникаларын сатып алыў, өнимлерди қайта ислеў бағдарындағы, жәми 35 жойбардың әмелге асырылыўы ҳәм 108 жаңа жумыс орынларының жаратылыўы күтилмекте.

 Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги