Республикамызда 2022-2024-жылларда аграр ҳәм азық-аўқат тараўында баҳасы 4 триллион 220 миллиард сумлық 497 жойбардың әмелге асырылыўы ҳәм 13 мың жаңа жумыс орынларының жаратылыўы режелестирилген.

Бүгинги күнге шекем 87,6 миллиард сумлық 49 жойбар әмелге асырылып, 434 жаңа жумыс орынлары жаратылған.

– Атап айтқанда, қусшылық бағдарында 152,1 миллиард сумлық 35 жойбардың иске түсирилиўи, 577 жаңа жумыс орнының жаратылыўы режелестирилген болса, әмелде 2,3 миллиард сумлық 3 жойбар иске түсирилип, 23 жаңа жумыс орны жаратылды,-дейди Қарақалпақстан Республикасы аўыл хожалығы министрлигиниң жыйма информациялық ҳәм статистикалық анализ бөлими қәнигеси И.Толыбеков. – Ыссыханаларды шөлкемлестириў бойынша 1 триллион 397 миллиард сумлық 58 жойбардың иске түсирилиўи ҳәм 2281 жаңа жумыс орнының жаратылыўы режелестирилген болса, әмелде 770 миллион сумлық 3 жойбар иске түсирилип, 27 жаңа жумыс орны жаратылды.

Ал, агрокластерлерди шөлкемлестириў бойынша 300,5 миллиард сумлық 8 жойбардың иске түсирилиўи режелестирилип, бүгинги күнге шекем 21,1 миллиард сумлық 2 жойбар иске түсирилип, 23 жаңа жумыс орны жаратылды.

Шарўашылық бағдарында 880 миллиард сумлық 151 жойбардың әмелге асырылыўы ҳәм 2719 жаңа жумыс орнының жаратылыўы режелестирилип, әмелде 22,5 миллиард сумлық 18 жойбар иске түсирилген ҳәм 126 жаңа жумыс орны жаратылған.

Азық-аўқат бағдарында 853,4 миллиард сумлық 108 жойбар, 2851 жаңа жумыс орнының жаратылыўы режелестирилип, әмелде 38 миллиард сумлық 16 жойбар иске түсирилди ҳәм 214 жаңа жумыс орны жаратылды.

Сондай-ақ, жәҳән банкиниң қатнасыўындағы «Өзбекстан Республикасының аўыл хожалығын модернизациялаў жойбары есабынан 5 миллион долларлық 16 жойбарды қаржыландырыў режелестирилген.

Бүгинги күнде исбилерменлер ҳәм коммерциялық банклер тәрепинен кредит ҳүжжетлери рәсмийлестирилмекте.

Басқа да ири жойбарлар бойынша жумыслар баслап жиберилди. Бул илажлардың барлығы нәтийжели әмелге асырылса, республикамыздың экономикалық раўажланыўы әдеўир беккемленип, халқымыздың абаданлығы артады, деп исенемиз.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги