Нөкис қаласындағы «Жеке терек» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан гүрес залында 18-30 жас аралағындағы жәмлеспеген жаслар арасында «Мен жеӊимпаз! »  сүрени астында спорттыӊ тас көтериў түринен өткерилип атырған жарыстыӊ Қарақалпақстан Республикалық басқышы болып өтти.

Онда палўанлар 4 салмақ категориясы бойынша өз-ара беллесиўлерге түсип, 60 кг салмақта нөкисли Диярбек Шерипбаев биринши, бозатаўлы Муратбай Жарылқағанов екинши, қанлыкөлши Қуралбай Орынбаев үшинши орынды ийелеўге миясар болды.

Ал, 65 кг салмақта кегейлиши Манас Бекбаўлиев, нөкисли Шавкат Эгамберганов, шоманайлы Жанболат Мамбетназаров, 70 кг салмақта кегейлиши Абатбай Жиемуратов, хожелиши Бахтияр Аметов, нөкисли Жасурбек Шутбаев, +75 кг салмақта шымбайлы Ахмед Исметуллаев, әмиўдәрьялы Акбар Қодиров, қанлыкөлши Надирбек Тажибаевлар 1-2-3-орынларды ийелеп, өз жанкүйерлерин қуўанышқа бөледи.

Жарыс соӊында жеӊимпаз спортшыларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен  арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Соныӊ менен бирге 1-орын ийелери жарыстыӊ Өзбекстан Республикалық басқышына жолламаны қолға киргизди.

Адилбай Оразов,

Ⱪарақалпақстан хабар агентлиги шолыӯшысы