2022-2023-оқыў жылында Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалы 2022-2023-оқыў жылында бакалавриаттың күндизги билимлендириў бағдары ушын төмендеги қәнигеликлер бойынша абитуриентлерден ҳүжжетлер қабыллайды:
•Бухгалтерия есабы ҳәм аудит;
•Зооинженерия (түрлер бойныша)
•Зооинженерия: (қаракөлшилик);
•Зооинженерия (Жылқышылық ҳәм түйешилик);
•Ветеринария медицинасы (хызмет түрлери бойынша)
•Ветеринария фармацевтикасы;
•Ветеринария диагностикасы ҳәм лаборатория ислери;
•Ветеринария санитария экспертизасы
Усы қәнигеликлер бойынша филиалға жәми 225 студент қабыл етиледи.
Бакалавриаттың сыртқы билимлендириў бағдары бойынша төмендеги қәнигеликлер бойынша ҳүжжетлер тапсырылады:
•Зооинженерия (түрлер бойынша )
•Ветеринария фармацевтикасы;
•Ветеринария диагностикасы ҳәм лаборатория ислери;
•Ветеринария санитария экспертизасы
Усы қәнигеликлер бойынша филиалға жәми 100 студент қабыл етиледи.
Усы жылы филиалда биринши мәрте магистратура бөлими ашылды ҳәм төмендеги қәнигеликлер бойынша ҳүжжетлер тапсырылады:
•Биотехнология (өним түрлери бойынша);
•Шарўашылық;
•Нәсилшилик;
•Ҳайўанлардыӊ паразитар ҳәм жуқпалы кеселликлери.
Усы қәнигеликлер бойынша филиалға жәми 10 студент қабыл етиледи.
Қосымша сораўлар бойынша филиалда шөлкемлестирилген Call-center номерлерине 99861 224-73-03, +99894 908-83-83 мүрәжат етиўиӊиз мүмкин ҳәм рәсмий веб-сайтымыз арқалы мағлыўматлар менен танысып барыўыӊыз мүмкин.
Филиал баспасөз хызмети