Әмиўдәрья районында бийдай жетистириў бойынша өзине тән тәжирийбе мектебине ийе ғәллекешлер көпшиликти қурайды.

Тек ғана Дурман аўылы аймағындағы 20 фермер хожалығының 366 гектар бийдай майданында быйылғы жылы да мол өним жетистирилди. Бүгинги күнге аймақ фермерлериниң улыўма ғәлле қырманы 914 тоннадан асып кетти. Зүрәәтлилик күтилгенин де жоқары болды.

Аўылдағы тәжирийбели фермерлерден бири Төребай Пирназаров басшылық еткен фермер хожалығының ағзалары быйылғы жылы  20 гектар майданға аймақтың климат шараятына сай бийдай сортын екти.

Бийдай атызларына гүзги-қысқы агротехникалық илажлардың өз ўақтында сапалы алып барылыўы нәтийжесинде зүрәәтлилик гектарына 70 центнерден туўра келип, дән қырманы 140 тоннаға жеткерилди. Фермер хожалығының атызларында орым-жыйын жумыслары даўам етпекте.

Райондағы «Бекман Алламбергенов» фермер хожалығы ғәллекешлери быйылғы жылы режедеги 85 тонна орнына 86 тонна тапсырып, зүрәәтлилик 70 центнерге жеткерди. Фермер хожалығындағы  34 гектар ғәлле майданында орым-жыйын жумыслары даўам еттирилмекте.

Агротехникалық илажлардың өз ўақтында сапалы алып барылыўы мол өнимге тийкар жаратты. Ғәллешиликтен өзинен фермер хожалығы 300 миллион сум дәрамат, соннан 100 миллион сум сап пайда алыўды режелестирип отыр. Буннан тысқары, шәртнамадан зыят тапсырған өнимниң фермер хожалығының ықтыярында қалдырылыўы жумысшылардың материаллық қызығыўшылығын ҳәм экономикалық абаданлығын және де арттырыў имканиятын береди.

Ҳәзирги ўақытта районның барлық фермер хожалықларында жетистирилген өнимди зая етпестен жыйнап алыўдың барлық илажлары көрилмекте.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы