«Бес баслама олимпиадасы» шеӊберинде өткерилип атырған Киберспорт бойынша жарыстыӊ Қарақалпақстан Республикалық басқышы өз жуўмағына жетип, онда жеӊимпазлар анықланды.
Атап айтатуғын болсақ, «PES 2022» бағдары бойынша Төрткүл районындағы «Марказабат» мәҳәллесинен Сарвар Эгамбердиев, «FIFA 2022» жарысында Нөкис қаласы «Гөне қала» мәҳәллесинен Саламат Базарбаев, «CS:CO» жарысында Қоӊырат районындағы «Азатлық» мәҳәллеси жаслары, «DOTA-2» турниринде Хожели районындағы «Байтерек» мәҳәллеси жаслары командасы 1-орынларды ийелеп, олимпиаданыӊ Өзбекстан Республикасы басқышына жолламаны қолға киргизди ҳәм шөлкемлестириўшилер тәрепинен арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.
―Бул спорт бизиӊ елимизге жаӊадан кирип киятырған спорт түрлериниӊ бири болып есапланады,-дейди бизге жарыс жеӊимпазларыныӊ бири Саламат Базарбаев.―Бирақ, еле жаӊа спорт түри болыўына қарамастан оған қызығыўшылар саны көбейип бармақта. Сонлықтан бул жарыста жеӊимпаз болыў аӊсат болмады. Қарсыласларым да күшли болды. Соған қарамастан 1-орынды жеӊип алдым. Несип етсе, жарыстыӊ Өзбекстан Республикалық басқышында да жақсы қатнасып, жеӊимпаз болыўға ҳәрекет етемен.
Адилбай Оразов,
Ⱪарақалпақстан хабар агентлиги шолыӯшысы