Нөкис районы республимыз бойынша еӊ көп ғәлле егетуғын аймақ болып табылады.  Өткен гүзде ақмаӊғытлы фермер хожалықлары тәрепинен 5800 гектар майданға бийдай туқымы егилди.

Олардыӊ көпшилик майданларында гүзлик бийдайдыӊ «Краснодар-99», «Восток»,  «Элита»,  «Дурдана», «Давр»  сортлары жетистирилмекте. Республикамыздыӊ бир қатар районларында болғаны сыяқлы Нөкис районында да 11-июнь күни гүзлик бийдай орым-жыйымына

бағышланған көргизбели семинар өткерилди.

«Қутанкөл»  елаты аймағындағы «Оразгул Абат» фермер хожалығында болып өткен семинарға  райондағы 4 сектор басшылары ҳәм аўыл хожалығы тараўы хызметкерлери қатнасты.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министри З.Зиёдуллаев, район ҳәкими О.Уснатдиновлар шығып сөйлеп, орым-жыйым жумысларын шөлкемлескенлик пенен тез күнде жуўмақлаў бойынша өзлериниӊ мәсләҳәтлерин берди.

Сондай-ақ, илажда тараў қәнигелери де шығып сөйлеп, мапазды пуқта ҳәм тез жуўмақлаў бойынша өзлериниӊ пикир-усынысларын берди.

Мағлыўмат ушын атып өтетуғын болсақ, быйылғы ғәлле орым-жыйымы мәўсиминде район бойынша 17 отряд шөлкемлестирилип, бийдай орыў ҳәм дән қабыллаў пунктине тасыўда 62 техника қатнастырылмақта.

 

Адилбай Оразов,

Ⱪарақалпақстан хабар агентлиги шолыӯшысы