Ташкентте 30-май күни Өзбекстан ҳәм Тәжикстан исбилермен топарларының ўәкиллери В2В тәризинде сөйлесиў өткерди.

Елимизден 400 ге шамалас, Тәжикстан Республикасынан 150 ден аслам бизнес субъекти қатнасқан илажда тийкарғы итибар өз-ара узақ мүддетли ҳәм нәтийжели бирге ислесиўди орнатыўға қаратылды.

Еки тәреплеме саўда-экономикалық, инвестициялық бирге ислесиўдиң ҳәзирги жағдайы ҳәм перспективасы, сондай-ақ, исбилерменлер ушын қосымша имканият жаратыў системасын беккемлеўге байланыслы мәселелер дыққат орайында болды.

Өзбекстан ҳәм Тәжикстан өз-ара саўда-экономикалық байланысты буннан былай да раўажландырыў, заман талабына сай санаат өнимлерин еки мәмлекет базарына турақлы жеткерип бериў, оның ушын исбилерменлерге қолайлы шараят жаратыўдың тәрепдары екени белгили. Қала берсе, еки мәмлекет ҳүкиметлери экономиканың әҳмийетли тармақларында өз-ара пайдалы жойбарлар менен бағдарламаларды әмелге асырыў арқалы инвестициялық бирге ислесиўди түп-тийкарынан раўажландырыўға да итибар бермекте.

Илажда мәмлекетимиз экономикасында жеке сектордың ролин арттырыў бойынша әмелге асырылып атырған системалы жумыслар ҳаққында сөз болды. Инвестициялық ҳәм исбилерменлик орталықты жақсылаў, жеке мүлк ҳәм капиталды ҳуқықый қорғаўдың механизми күшейтилип атырғаны атап өтилди. Бирге ислесиўди кеңейтиў ушын ҳәр бир регион, район ҳәм қалада пайдаланылмаған экономикалық резерв анықланып, салық жүгин азайтыў бойынша әмелий илажлар жедел ислеп шығарылып атырғаны атап өтилди.

Саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық тараўлардағы перспективалы бағдарлар бойынша да ҳәр тәреплеме мағлыўмат берилди. Атап айтқанда, еки мәмлекет исбилерменлериниң шериклигин жолға қойыўда, әсиресе, санаат секторы, фармацевтика, қурылыс, аўыл хожалығы ҳәм экономиканың басқа да тармақлары әҳмийетли бағдарлар екени атап өтилди. Буннан тысқары, қатнасыўшылар сырт ел инвестицияларын тартыў, шет ел капиталының қатнасыўындағы жойбарларды қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеў механизмлери ҳаққында пикир алысты.

Әнжуман шеңберинде Өзбекстан – Тәжикстан Исбилерменлер кеңесиниң бесинши мәжилиси де шөлкемлестирилди.

Сөйлесиў даўамында мәмлекетлеримиз тек еки тәрептиң қатнасын кеңейтиў емес, ал Орайлық Азия регионындағы барлық мәмлекетлердиң абаданлығы, турақлы раўажланыўын тәмийинлеўде бир-бирине сай мәпке ийе екени атап өтилди.

Илаж жуўмағында Өзбекстан – Тәжикстан Исбилерменлер кеңесиниң бесинши мәжилис протоколына қол қойылды. Бул ҳүжжет саўда-санаат палаталары тәрепинен орынларда өткерилип атырған илажларда киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик ўәкиллериниң қатнасыўын буннан былай да кеңейтиўге қаратылған илажларды нәзерде тутады.

Саидмурод РАҲИМОВ,

ӨзАның хабаршысы