Ташкент қаласында 27-май күни Өзбекстанның Шанхай бирге ислесиў шөлкемине басшылығы шеңберинде ШБШға ағза мәмлекетлердиң қоршаған орталық мәселелери бойынша жуўапкер министрликлери, уйымлары басшыларының мәжилиси басланды.

Дәслеп делегация басшылары Мәмлекетлик экология комитети жанындағы қыябанға өз-ара бирге ислесиў ҳәм дослық рәмзи сыпатында терек нәллерин екти.

«International Hotel Tashkent» мийманханасында гибрид форматта шөлкемлестирилген конференцияның тийкарғы илажында Ҳиндстан, Қазақстан, Қытай, Қырғызстан, Пакистан, Россия, Тәжикстан ҳәм мәмлекетимиздиң қоршаған орталық мәселелери бойынша жуўапкер министрликлери ҳәм уйымларының жуўапкерлери ҳәм ШБШ Секретариатының ўәкиллери қатнасты.

Делегациялардың басшылары өз-ара сөйлесиў шеңберинде қоршаған орталықты қорғаў тараўындағы бирге ислесиўдиң ағымдағы жағдайы ҳәм раўажланыў перспективасы бойынша презентация өткерди.

Дөгерек сәўбети климаттың өзгериўи ҳәм басқа да жағдайларға байланыслы экологиялық мәселелер ҳаққындағы ҳәр қыйлы пикир-усыныслар менен даўам етип, машқалаларды шешиў глобаллық, регионаллық ҳәм миллий көлемде комплексли ҳәрекетлерди талап етететуғыны атап өтилди. Экологиялық қәўип-қәтер барған сайын кескинлесип атырған бир дәўирде бул бағдардағы бирге ислесиўди және де раўажландырыў ШБШға ағза мәмлекетлер ушын айрықша әҳмийетке ийе екени атап өтилди.

Сол себепли кейинги жылларда қоршаған орталықты қорғаў тараўындағы көп тәреплеме бирге ислесиўди институционалластырыў жолында ШБШ шеңберинде бир қатар әҳмийетли жумыслардың әмелге асырылып атырғаны айрықша атап өтилди.

– Бүгинги күнде климаттың өзгериўи, өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясының жоқ болып кетиўи, жер деградациясының бақланыўы, суў ресурсларының азайыўы сыяқлы глобаллық экологиялық машқалалар көплеген мәмлекетлер ушын қатаң машқалаларды келтирип шығармақта, – деди Қазақстан экология, геология ҳәм тәбийғый ресурслар министрлиги Қоршаған орталықты тәртипке салыў ҳәм қадағалаў комитетиниң баслығы Зулфухар Жолдасов. – Усы мүнәсибет пенен Ташкент ушырасыўында қоршаған орталық мониторинги, биокөптүрлилик, тәбийғый аймақларды қәстерлеп сақлаў, климаттың өзгериў ақыбетин сапластырыў сыяқлы әҳмийетли бағдарларда бирге ислесиўди кеңейтиў додаланып атырғаны әйне кеўилдегидей болды.

Мәжилисте тәреплер 2021-жыл 17-декабрь күни Душанбе қаласында ШБШ Мәмлекет басшылары кеңесиниң мәжилисинде тастыйықланған «ШБШға ағза мәмлекетлердиң 2022-2024-жылларға мөлшерленген қоршаған орталықты қорғаў тараўындағы бирге ислесиў концепциясын әмелге асырыў бойынша Ҳәрекетлер режеси»н әмелге асырыў бойынша да пикир алысты.

Күнниң биринши ярымында «ШБШның экологиялық мәлимлеме алмасыўы ушын бирден-бир платформасын биргеликте жаратыў бағдарламасы» қабыл етилди.

Илаж жуўмағында шөлкемге ағза мәмлекетлердиң қоршаған орталық мәселелери бойынша жуўапкер министрликлери, уйымлар басшыларының 2023-жылы өткерилетуғын төртиши мәжилиси Ҳиндстанда өтетуғыны мәлим етилди.

Конференция бағдарламасы бойынша, қатнасыўшылар Инновациялық раўажланыў министрлигинде болды, Жаңа Өзбекстан бағы менен жақыннан танысты.

ШБШға ағза мәмлекетлер қоршаған орталықты қорғаў ушын жуўапкер басшылардың Ташкент ушырасыўы мәмлекетимиз алып барып атырған экологиялық дипломатияның және бир айқын көриниси болды, деп айтыў мүмкин.

Улуғбек МАҲМИРЗАЕВ,

ӨзАның хабаршысы