Қазақстанныӊ мәмлекетлик шегарасындағы өтиў пунктлери арқалы Қазақстанға келген барлық шахслар ПШР усылы менен COVID-19га тест сынаўынан өткени ҳаққында мағлыўматнама талап етиледи. Мағлыўматнама шегарадан өтиўден алдын кеминде 72 сааттан көп болмаған мүддетте болыўы шәрт.

Бирақ, бир қатар категориядағы шахслардан мағлыўматнама талап етилмейди,- деп мәлимлейди Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлиги.

Атап айтқанда, Қазақстан  мәмлекетлик бас санитария шыпакери шешимине  тийкарланып,  Қазақстан аймағында ҳақыйқый деп тән алынатуғын COVID -19 ға қарсы шаншылғанлық паспорты /сертификати/мағлыўматнамасына ийе адамлар, Қазақстан Республикасында COVID-19 ға қарсы ревакцинация ямаса толық шаншылғанлар (егер, екинши компонентти алғанынан кейин Қазақстан Республикасы шегарасын кесип өтиў ўақтында 6 айдан аспаса ),  5 жасқа шекемги балалар, егер, оларды бақлаўшысы менен бирге болған адамда бул мәлимлеме әмелдеги болса,  Қазақстан Республикасы ҳүкимети делегациясы ағзалары, локомотив бригадалары, темир жол, теңиз ҳәм дәрья транспорты арқалы тасыўларда жумыс алып барып атырғанлардан талап етилмейди.

Ал, Қазақстанға Евроазия экономикалық аўқамына ағза мәмлекетлер аймағынан, соның менен бирге, Әзербайжан, Молдова, Тәжикстан ҳәм Өзбекстан Республикаларынан киятырған адамлар, сондай-ақ, “Путешествую без СОВИД-19” қосымшасынан дизимнен өтиўи талап етиледи.

Дене температурасы жоқары болған шахслар анықланған жағдайларда, мағлыўматнамасы бар екенлигине қарамастан, жуқпалы емлеўханада изоляция етиледи,-делинеди Транспорт министрлиги мағлыўматында.

 

Бийбижамал Реймбаева,

ⱩМУ қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети 1-курс студенти.

Ⱪарақалпақстан хабар агентлиги