Бизге белгили, Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен 16 жасқа толған мектеп питкериўшилери өз ўақтында ID-карта алыўы керек екенлиги ҳаққында дағаза берилди.
Бул хабардың көплеген ғалаба хабар қураллары ҳәм басқа да телеграм каналларда жоқары билимлендириў мәкемелерине тест сынақларында қатнасыў ушын абитуриентлерде ID-карта болыўы шәрт деген мазмундағы надурыс талқыланыўы көплеген додалаўларға себеп болды. Абитуриентлер тәрепинен келип түсип атырған ID-картасыз тест сынақларында қатнасыў бойынша мүрәжатлар бойынша Мәмлекетлик тест орайы төмендегилерди мәлим етти.
Атап өтилиўинше, усы жылы жоқары оқыў орынларының бакалавриат тәлим бағдарларына кириў тест сынақлары ушын абитуриентлерди онлайн дизимге алыў my.dtm.uz сайты арқалы онлайн тәризде әмелге асырылады.
Абитуриентлердиң рәсмий ҳәм паспорт мағлыўматлары Мәмлекетлик персоналластырыў орайы тәрепинен онлайн режимде дизимге алынады. Буның ушын абитуриентте биометриялық паспорт ямаса ID-карта болыўы керек.
Биометриялық паспортқа ийе болған абитуриентлер ID-карта алыўы шәрт емес. Сондай-ақ, абитуриентлер биометриялық паспорт пенен де my.dtm.uz сайты арқалы онлайн дизимнен өтиўи мүмкин.
ӨзА