«Өзбекстан темир жоллары» АЖның мағлыўматына қарағанда, усы жылдың 15 –май күнинен Нөкис – Бейнеў – Нөкис жөнелисиндеги,  16-майдан Алматы-2 – Ташкент – Алматы-2 бағдарында жолаўшы поездының қатнаўы жолға қойылады. Жоқарыда көрсетилген рейслер ҳәптеге 3 мәрте әмелге асырылады.

Билетлерди электрон тәризде (https://e-ticket.railway.uz/) ҳәм темир жол кассаларында сатып алыў мүмкин. Жолаўшылар электрон билетлерди сатып алып атырғанда, Қазақстан Республикасының мәмлекетлик шегарасынан өтиў ушын оны А4 форматында қағазға шығарып алыўы керек.

Қалған қосымша мағлыўматларды каналымызда жәриялап барамыз. Бизди бақлаўды даўам етиң.

Қарақалпақстан хабар агентлиги