Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутаты М.Ибрагимов Хожели районындағы 6-санлы информатика-математикаға қәнигелестирилген мектепте өз сайлаўшылары менен ушырасты.
Онда тийисли тараў ўәкиллери, «Таскөпир» ҳәм «Тынышлық» аўыл пуқаралар жыйынларының турғынлары қатнасты.
Халық ўәкили мәмлекетимизде кейинги жылларда әмелге асырылып атырған реформалар, қабыл етилген нызамлар, қарар ҳәм пәрманлар, Жаңа Өзбекстанның 2022-2026-жылларға мөлшерленген раўажланыў стратегиясының әҳмийети ҳәм онда белгилеп берилген әҳмийетли ўазыйпалар, әсиресе, билимлендириў тараўындағы реформалар бойынша кең түрде мағлыўматлар берди.
Ушырасыўда «Таскөпир» ҳәм «Тынышлық» аўыл пуқаралар жыйынларында жасаўшы пуқаралардың мүрәжатлары тыңланды. Мүрәжатлардың көпшилиги ишки жоллардың оңлаўға мүтәж екенлиги, көшелерге түнги жақтыландырыў лампочкаларын орнатыў ҳәм пенсия жеткерип бериў бойынша машқалалар ҳаққында болды. Олардың көпшилиги өз орнында шешимин таўып, айырымлары биргеликте көрип шығыў ҳәм шешимин табыў мақсетинде орынланыўы қадағалаўға алынды.
Күнниң екинши ярымында халық ўәкили Шоманай районындағы «Мамый» АПЖда өз сайлаўшылары менен ушырасты. Онда М.Ибрагимов депутатлық хызмети даўамында алып барған илажлары, нызамшылықтағы соңғы өзгерислер туўралы мағлыўматлар берди. Бул жерде де пуқаралардың мүрәжатлары тыңланып, мүрәжатлардың көпшилиги ишки жоллар, ишимлик суў ҳәм басқа да социаллық тараўлардағы машқалалар ҳаққында болды. Көрилген мәселелер жуўапкер шөлкемлер менен биргеликте көрип шығылатуғынлығы ҳәм шешими қадағалаўға алынатуғыны келисип алынды.
Депутат райондағы «Пром сервис Шоманай» ЖШЖның жумыслары менен де танысты.
– Кәрханамыз 2015-жылда шөлкемлестирилген болып, тийкарғы жумысы полипропилен қалталарды ислеп шығарады,-дейди кәрхана баслығы Р.Жарылқасымов. – Бүгинги күнде кәрхана тәрепинен 22 адам турақлы жумыс пенен тәмийинленген. Олардың көпшилигин жаслар қурайды. Кәрханада жылына орташа еки миллион дана қалта ислеп шығарылады.
Депутат бул жерде жумысшылар ушын жаратылған шараятлар, ислеп шығарылып атырған өнимлердиң сапасы, қарыйдардың талабы, алдағы режелери менен танысып, исбилермен ҳәм жумысшылар тәрепинен билдирилген пикир-усынысларды тыңлап, олар тәрепинен билдирилген машқалалардың шешими қадағалаўға алынатуғынлығы келисип алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги