Нызамшылық бойынша, жумыс бериўши төмендеги хызметкерлерди жумысқа қабыл етиўде ҳәм кейин ала медициналық тексериўден өткериўди шөлкемлестириўи шәрт:
– 18 жасқа шықпағанлар;
– 60 жасқа шыққан ер адамлар, 55 жасқа шыққан ҳаял-қызлар;
майыплар;
– қолайсыз жумысларда, түнги жумысларда, транспорт ҳәрекетине байланыслы жумысларда бәнт болғанлар;
– азық-аўқат санаатында, саўда ҳәм тиккелей халыққа хызмет көрсетиўге байланыслы басқа да тармақлардағы жумысларда бәнт болғанлар;
– мектеплер, бақшалар ҳәм басқа да мәкемелердиң балаларға тәлим-тәрбия бериў менен бәнт болған педагог ҳәм басқа да хызметкерлер.
Медициналық тексериўден өтиў ушын хызметкерлерден ақша өндирилмейди, медициналық тексериўлерди өткериў ўақтында хызметкердиң жумыс орны (лаўазымы) ҳәм орташа айлық мийнет ҳақысы сақланады.
Хызметкерлер медициналық тексериўлерден өтиўден бас тартыўға ҳақылы емес.
Қарақалпақстан хабар агентлиги