Сырдәрья ўәлаятынан Қанлыкөл районына келген жумысшы топар қурамындағы Гүлистан қаласы медицина бирлеспесиниң шыпакерлери екинши жер жүзилик урыс ветераны Оразбай Наметуллаевтың шаңарағында болып, медициналық тексериўден өткерди.

Быйыл 98 жасты қарсылаған урыс ветераны көрсетилип атырған ғамқорлық ушын Президентимизге миннетдаршылық билдирди. Мийманларға қуралласларының урыс жылларындағы көрсеткен ерлиги туўралы айтып берди.

Оразбай ата 1942-жылы фронқа атланып, Украинаның Харковь ҳәм Донецк ўәлаятларындағы қанлы саўашларда қатнасты. Сондай-ақ, Молдова, Румыния, Венгрия, Австрияны азат етиўде ерлик үлгилерин көрсетти. 1947-жылы туўылған жерге аман-есен қайтып келип, көп жыллар даўамында муғаллим болып иследи.

Арамызда санаўлы қалған екинши жер жүзилик урыс ветеранларына Президентимиз тәрепинен айрықша ҳүрмет көрсетилмекте. Олардың урыс жылларында көрсеткен ерлиги халқымыз тәрепинен ҳеш қашан умытылмайды.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы