Россия Президентиниң баспасөз хаткери Дмитрий Песков Россия Президенти Владимир Путинниң Индонезияда болатуғын G20 саммитине барыўы ямаса бармаўы ҳаққында еле қарар қабыл етилмегенин мәлим етти.

Буннан алдын, Индонезияның қаржы министри G20 саммитине барлық G20 мәмлекетлериниң басшылары мирәт етилгенин, соның ишинде, Россия Президенти Владимир Путин де мирәт етилгенин мәлим еткен еди.

«Тийисли қарар қабыл етилгенде, биз сизге хабар беремиз. Ҳәзирше ҳеш қандай қарар қабыл етилгени жоқ», – деди Песков журналистлерге.

Қарақалпақстан хабар агентлиги