Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында видеоселектор мәжилиси басланды.

Күн тәртибинен еки мәселе орын алған – азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыўды көбейтиў арқалы базарларда баҳаның турақлылығын тәмийинлеў ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў бойынша қосымша шараятлар жаратыў.

Жер жүзинде болып атырған ўақыялар себепли дүнья базарындағы азық-аўқат өнимлериниң баҳасы өткен әсирдиң 80-жылларындағыдан да жоқары дәрежеде өсип атырғаны атап өтилди.

Атап айтқанда, март айында дүнья бойынша азық-аўқат баҳалары 2021-жылдың усы дәўирине салыстырғанда 34 процентке артты.

Әсиресе, жыл басынан дүнья базарларындағы бийдай баҳасы -20 процент, мәкке – 19 процент, азықлық дәнлер – 20 процент ҳәм өсимлик майы – 23 процентке көтерилди.

Быйыл жаўын-шашын есабынан, ойпатлық, Ташкент ўәлаяты ҳәм Самарқандта суў резерви 20 процентке көбейгени менен, Қарақалпақстан, Бухара, Қашқадәрья, Сурхандәрья, Хорезмде суў тәмийнаты бойынша қыйыншылықлар болады.

Дүнья базарында минерал төгинлер ҳәм жанылғы баҳаларының 2 есеге артқаны, әлбетте, кластер, фермер ҳәм дийқанлар жетистирип атырған өнимлердиң өзине түсер баҳасына және финанслық жағдайына да тәсир етеди.

Мәжилисте жер ресурсларынан нәтийжели пайдаланып, 2022-жылы 7,7 миллион тонна бийдай ҳәм 23 миллион тонна мийўе-овощ жетистирип, 1,5 миллиард доллар экспортты тәмийинлеў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Азық-аўқат өнимлерин көбейтиў ушын жаңадан қосылып атырған 300 мың гектардан аслам жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў зәрүр.

– Ҳәзирги күнде 80 мың гектар пахта ҳәм ғәлле майданлары қысқартылып, 254 мың халыққа ашық таңлаў тийкарында берилди. Бул – азық-аўқат жетистириў ушын ҳәр бир районда қосымша 500 гектар егислик майдан, дегени.

Бул реформаны өз ўақтында ҳәм дурыс баслағанымызды турмыстың өзи көрсетпекте. Соның ушын бул жерлер тек ғана азық-аўқат өнимлерин жетистириў ушын база болыўы шәрт,-деди Президент.

Жуўапкерлерге еки ҳәпте мүддетте:

– өнимдарлы туқым сортларын орынларға жеткерип, дала ярмаркаларын өткериў;

– жер майданларында «бир контур-бир өним» принципи тийкарында егинлер егиўди шөлкемлестириў;
– өнимди кепилликли сатып алыў бойынша шәртнамалар дүзиў жумысларын жедел шөлкемлестириў тапсырылды.

ӨзА