Елимизде инсан мәплери жоқары қәдирият дәрежесинде улығланып келмекте. Бүгин барлық мәмлекетлик мәкемелердиң жумысында халықтың мүрәжатлары менен ислесиў бойынша сапа жағынан пүткиллей жаңа система жаратылды. Орынларда өткерилип атырған көшпели қабыллаўлар халықтың дәртин тыңлаў, олардың машқалаларын шешиўде күтилген нәтийжелерин бермекте.

«Халық мәмлекетлик уйымларға емес, ал мәмлекетлик уйымлар халыққа хызмет етиўи керек» деген принцип тийкарында  Хожели районында Қарақалпақстан Республикасы судының баслығы К.Тарихов, Ҳәкимшилик судының баслығы А.Нурлипесов тәрепинен өткерилген гезектеги көшпели қабыллаўда Хожели, Нөкис, Тақыятас районларынан ҳәм Нөкис қаласынан келген мүрәжатшылардың суд-ҳуқық тараўына байланыслы мәселелери тыңланды.

Дәслеп шөлкемлестириўшилердиң қатнасында мәжилис өткерилип, онда халықтың машқалаларын үйрениў, ашық пикирлесиў арқалы пуқараларды тыңлаў, бул бағдардағы жумысларды буннан былай да жеделлестириў бойынша әмелге асырылып атырған илажлар туўралы сөз болды. Буннан соң, судлардың баслықлары, олардың орынбасарлары ҳәм судьялар секцияларға бөлинип, пуқараларды қабыл етти.

Тақыятас районындағы Найманкөл аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы Зухре Худайбергенова буннан еки жыл алдын ипотека кредити тийкарында жаңадан қурылып атырған көп қабатлы турақ жайлардың бирин сатып алды. Бирақ, коммерциялық банктиң жуўаплы хызметкерлери сол ўақыттағы коронавирусқа байланыслы карантин шеклеўлери күшейтилгени мүнәсибети менен халықты социаллық қорғаў мақсетинде бул турақ жайлардың басланғыш төлеминде бир жылға жеңиллик берилгени, кейин тек белгили бир муғдарда 15 жылға есапланған кредит қарызын айма-қайтарыў кереклиги айтылған.

-Басланғыш төлемсиз 1 жыллық жеңилликли шәрти болғаны ушын мен де көпшилик қатарында үш бөлмели квартира алып, ҳеш қандай машқаласыз ҳүжжетлестирип берилди,-дейди Зухре Худайбергенова.-Өткен жылдың октябрь айынан баслап ҳәр айда кредит муғдарын ўақтында төлеп киятырған едик. Бир күни банктен хат келди. Онда жазылыўынша, енди пандемия себепли карантин шеклеўлери жумсартылғанынан кейин бизге айтылған жеңилликли дәўир  менен қосып, 50 миллион сумнан зыят кредит қарыздарлығы шығарылыпты. Сол күннен берли бармаған жерим қалмады. Бүгин көшпели қабыллаўды еситип, Қарақалпақстан Республикасы судының баслығына мүрәжат еттим. Усы жердиң өзинде мениң банктеги кредит қарыздарлығымды ўақтынша тоқтатып турыў бойынша арзамды алып қалды. Және суд тәртибинде маған аппеляция шағымын бериў ҳуқықым түсиндирилди. Мен буннан миннетдарман.

Бул реттеги көшпели қабыллаў даўамында келинин турақ жай есабынан шығарыў, алимент өндириў, кадастр ҳүжжетлерин рәмийлестириў, автомашинаны дизимнен өткериў, туўылғаны ҳаққындағы гүўалықтағы мағлыўматтың электрон базаға қәте киргизилгенлиги ушын оны ҳуқықый    тийкарда дүзетиў, турақ жай мәселеси бойынша шығарылған суд қарарының орынланыўын тәмийинлеў, мийнет ҳақыны өндириў, турақ жай мәселеси бойынша даўлар, суд ҳүкими менен тайынланған жазадан шәртли азат етиў, сондай-ақ, исбилерменлердиң базар акциясы бийкар болғанлығы бойынша жеткерилген зыянлар бойынша компенсация өндириў сыяқлы  мәселелер бойынша 45 пуқараның 50 ге шамалас мүрәжаты тыңланды.

Бүгинги күни халық пенен ушырасып, орынларға шығып, олардың дәртин тыңлап, сол арқалы халықтың разылығына ерисиў ҳәр бир басшының ўазыйпасына айланды. Суд системасы менен байланыслы мүрәжатларды көрип шығыў белгили бир мүддет ҳәм ўақыт талап ететуғын тараў болып есапланады. Солай екен, мүрәжат еткен пуқаралардың мәселелери бойынша судьялар тәрепинен тийисли тәртипте ҳуқықый түсиник берилип, ҳәр бир мүрәжат суд басшыларының тиккелей өзлери тәрепинен қадағалаўға алынды.

Жуўмақлап айтқанда, ҳеш бир мүрәжат итибардан шетте қалмады. Гезектеги усындай көшпели қабыллаў Беруний районында болып өтеди.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы