Бүгин «Заковат»та жаңа мәўсим басланады. Онда  Азамат Маткаримовтың жәмәәти 2022-жыл бәҳәрги мәўсимниң дәслепки ойынын өткереди.

Соның менен бирге, тамашагөйлерге қолайлылық жаратыў мақсетинде 21:30 ден баслап @zakovat телеграмм каналында даўыслы ҳәм текстли трансляция да шөлкемлестиреди. Сораўларды сол каналда биргеликте додалаўыңыз мүмкин.

Сондай-ақ, енди «Заковат»қа сораў жоллап көп ақшаға ийе болыў да мүмкин. Сизди әпиўайы ойынларда 1 миллион сумнан 11 миллион сумға шекем, мәўсимлик финалда 25 миллион сумға шекем сыйлық күтпекте.

Соны да еслетип өтиў керек, егер сораўыңыз жыл финалында ең зор деп табылса онда 100 миллион сум ақшалай сыйлық бериледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги