Социаллық тармақларда, ҳәр қыйлы каналлар ҳәм топарларда ЖПХ хызметкерлери менен сөйлесиў даўамында өз хызмет ўазыйпаларын орынлап атырған ЖПХ хызметкерлерин сүўретке ямаса видеоға алып интернетке жайластырыўы қадаған етилгени ҳаққындағы хабарлар көбейип кетти.
Ҳақыйқатында да солай ма? Жоқ, бул хабарлар ҳәзирше фейк. Себеби гәп 2022-жыл 12-апрель күни қол қойылған «Жол-патруль хызмети хызметкерлериниң жол ҳәрекети қатнасыўшылары менен өз-ара қатнасықлары және арнаўлы үскенелерден пайдаланыўы тәртиби ҳаққындағы режеге өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў» ҳаққындағы ҳүкимет қарары ҳаққында болып атыр.
Есиңизде болса, бул қарардың жойбары додалаўға қойылғанда жоқарыдағы режениң 19-бәнтине төмендеги жаңа абзац қосыў усыныс етилген: «ЖПХ хызметкериниң өз хызмет ўазыйпаларын орынлаў менен байланыслы жағдайда алынған фото ҳәм видео көринислерин оның руқсатысыз Интернет жәҳән мәлимлеме тармағында жайластырмаў».
Бул қосымша жәмийетшиликтиң үлкен наразылығына себеп болған. Бул инсан ҳуқықларының аяқасты болыўы деп тәрийпленген. Ҳәттеки Бас прокуратура да қатаң наразылық билдирген еди.
12-апрель күни қол қойылған ҳүкимет қарарына бола, 19-бәнтке киргизилиўи керек болған бул қосымша шығарып тасланған. Яғный додалаўда қатаң қарсылыққа ушырағаны ушын ба, жаңа қарарда бул ҳаққында улыўма гәп жоқ. Тек ғана алдыңғы қатардағы жолаўшылардың қайыс тағыўы, дислокация сорамаў, мәс айдаўшыны анықлаў, фоторадар ҳәм басқа да үскенелерден пайдаланыў сыяқлы өзгерислер бар.
Демек, бир неше күннен берли айланып атырған ЖПХ хызметкерлерин сүўретке алып интернетте тарқатыў қадаған етилгени ҳаққындағы хабарлар ҳәзирше жалған, себеби ҳуқықый тийкары жоқ. Ондай фейк хабарларға қарсы ишки ислер уйымлары ҳәм МҒКА дәрҳал мүнәсибет билдирип, бийкарлады, негедур бул рет индемей тур.
Додалаўға қойылған қарардың атын өзгертип, басқа да режеге қосымша киргизген шығар, биз көрмей қалған шығармыз. Онда рәсмий түсиник берсе, ҳәммеге жақсы болар еди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги