Президент Шавкат Мирзиёев 14-апрель күни аўыл хожалығы машина қурылысы кластерин раўажландырыў режелериниң презентациясы менен танысты.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 31-июльдеги қарарына муўапық, аўыл хожалығы техникаларын ислеп шығарыў ҳәм сатып алыўды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў бойынша жаңа система жаратылған еди. Бул өзиниң нәтийжелерин берип, фермер ҳәм дийқанлар өнимдар техникаларға ийе болмақта. Соның ишинде, быйыл биринши шеректиң өзинде 1 мың 600 техника ушын 23 миллиард сум субсидия ажыратылды.

Модернизация нәтийжесинде 2021-жылы тракторлардың өзине түсер баҳасы 4 мың 600 долларға арзанластырылған. Ҳәзирги ўақытта, алдын зыян менен ислеген тармақ кәрханалары пайдаға шыққан.

Тараўды санаат кластери усылында раўажландырыў мақсетинде Шыршық аўыл хожалығы машина қурылысы кластери шөлкемлестирилмекте. Ҳәзирги күнде ол жерге бурынғы «Технолог» ҳәм «Агрегат» заводларының үскенелери толық көширилген.

Презентацияда усындай жумыслар ҳәм гезектеги режелер көрип шығылды.

-Аўыл хожалығы машина қурылысы – үлкен ҳәм әҳмийетли тармақ. Бул зүрәәтликтиң жоқарылығы, азық-аўқат қәўипсизлиги менен байланыслы мәселе. Заманагөй техникалар ислеп шығарыўды өзлестириў, сапа ҳәм хызмет көзқарасынан шешилетуғын жумыслар көп,-деди Шавкат Мирзиёев.

Бул жумысларды системалы алып барыў ушын Бас министрдиң басшылығында аўыл хожалығы машина қурылысы мәселелери бойынша комиссия дүзилиўи белгиленди.

Бәринен бурын, Шыршықтағы кластерге көширилген қуўатлықлар тийкарында культиватор, сеялка, косилка, чизель, борона ислеп шығарыўды баслаў зәрүр екенлиги атап өтилди. Сондай-ақ, Ташкент трактор заводын да көширип, кластерди 2023-жыл январьдан толық иске қосыў ўазыйпасы қойылды. Оған шекем агрокластерлер ҳәм фермерлердиң талабын үйренип, анық буйыртпаларды қәлиплестириў зәрүр екенлиги айтылды.

Ҳәзирги күнде жерди лазер арқалы тегислеў техникаларына талап жоқары. Соның ушын, жуўапкерлерге сондай техника ислеп шығарыўды жолға қойыў тапсырылды. Гөнерген тракторлардан толық ўаз кешип, жаңа миллий трактор моделин жаратыў бойынша көрсетпе берилди.

Пахтаны комбайнда териў үлеси усы жылы 35 процентке, 2023-жылы болса 50 процентке жеткерилиўи атап өтилди.

Жылдың ақырына шекем Әндижанда металл қуйыў заводын иске қосып және 90 түрдеги комплектлеўши бөлеклерди локализацияластырып, техникалардың өзине түсер баҳасын кеминде  12 процентке азайтыў мүмкин екенлиги көрсетип өтилди.

Дийқан ҳәм фермерлерди ойландыратуғын мәселелерден және бири – техника бузылса, оны жаңалаў, аўысық бөлеклер табыў ҳәм оңлаў. Соның ушын Президентимиз машина қурылысында саўда ҳәм сервис хызметлерин көрсетиў бойынша бир пүтин система жаратыў, 14 аймақта сервис орайы ҳәм 100 мобиль топарлар шөлкемлестириў зәрүр екенлигин атап өтти.

Жаңа техникалар, улыўма, аўыл хожалығы механизациясы бойынша қәнигелерди оқытыў бойынша да ўазыйпалар белгиленди.

ӨзА