Бүгинги күнде ҳәр бир тараўда ҳаял-қызлардың белсендилиги күшейип, исбилерменлик саласында да олардың үлеси күн сайын артып бармақта.
Шымбайлы исбилермен Гүлнур Ақылбекова фермерлик жумысын 2017-жылдан баслап, исбилерменлер қатарына қосылған. Бүгинги күнде ол үлкен жетискенликлерге ериспекте. Бес жылдан берли «Ақылбекова Гүлнур» фермер хожалығы тийкарынан боян плантацияларын жаратып, тәрбиялап, тамырын экспорт етиў ушын жетистирип келмекте. Фермер буның менен шекленип қалмай, 2017-жылы сентябрь айында бос турған бурынғы емлеўхана объектин 271 миллион сумлық инвестиция киргизиў шәрти менен алып, 17 адамды жумыс пенен тәмийинледи. Имараттың биринши қабатында аўқатланыў орны, азық-аўқат өнимлери ҳәм аралас өнимлер саўда шақапшалары, сондай-ақ, компьютер хызмети жумыслары жолға қойылды. Ал екинши қабатында кардиология, терапия бөлими ашылып халыққа медициналық хызмет көрсетилмекте.
Шымбайлы фермер Г.Ақылбекова жумысларын еле де кеңейтип, жақында БМШ тәрепинен азық-аўқат өнимлерин тәбийғый ҳәм сапалы етип таярлаўға бағдарланған жойбарға қатнасып, 250 миллион сумлық әсбап-үскенелерди орнатып, бүгинги күнде халыққа сапалы печенье өнимлерин таярлаўды жолға қойды.
ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен партия белсендилери, «Ҳаял-қызлар қанаты» топарының ағзалары, мәҳәлледеги ҳаял-қызлар ушын исбилерменниң жумыслары менен таныстырыў мақсетинде бизнес-тур шөлкемлестирилди.
– Печенье өнимлери ҳәзирги күнде ишки базарға шығарылмақта,-дейди исбилермен Г.Ақылбекова. – Райондағы «Ҳаял-қызлар дәптери»нде дизимде турған 10 ҳаял-қыздың бәнтлиги тәмийинленди.
Қатнасыўшылар цехта печеньелерди писирип таярлаў процесслери менен танысып, бул жумыстың өзгешеликлери туўралы мағлыўматларға ийе болды. Исбилерменниң алдағы режелери менен танысып, мәсләҳәтлерин, пикир-усынысларын тыңлап, өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги