Жаслар менен ислесиўдиӊ жаӊаша басқарыў механизмлерин енгизиў, олар менен ислесиўдиӊ вертикал системасын жаратыў, жаслардыӊ машқалаларын тиккелей мәҳәллелерде шешиў, билимлендириў мәкемелеринде руўхый-ағартыўшылық ҳәм тәрбиялық жумыслардыӊ нәтийжелилигин және де арттырыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ «Мәҳәллелерде жаслар менен ислесиў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилген еди.

Усы қарар талапларынан келип шығып республикамыз аймақларында бир қатар жумыслар әмелге асырылып, ҳәр қыйлы мәдений ағартыўшылық илажлар, спорт жарыслары болып өтпекте.

Шымбай районындағы «Қызылөзек» аўыл пуқаралар жыйынында да мәҳәллеллелерде жаслардыӊ бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириў мақсетинде «Жаслар фестивалы»  болып өтти.

Фестивал шеӊберинде Шымбай районлық мәденият бөлими хызметкерлери ҳәм аймақтағы 17-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниӊ талантлы оқыўшылары тәрепинен сахналастырылған қызықлы концерт бағдарламасы қойып берилди.

Сондай-ақ, фестивалда аўылдағы бос жүрген жаслар арасында спорттыӊ волейбол түринен жарыс шөлкемлестирилип, жарыс соӊында төрешилер тәрепинен жеӊимпаз командалар анықланып, естелик саўғалары менен сыйлықланды.

-Аймағымыз жаслары көркем өнер ҳәм спортқа оғада қызығады,-дейди усы жыйынныӊ жаслар жетекшиси Алым Өтегенов.-Сонлықтан бизлер тез-тезден жаслар менен ушырасып, волейбол, футбол, стол тенниси, гүрес, бокс түрлеринен жарыслар өткерип киятырмыз. Әлбетте, бул өткерилип атырған илажлар жасларымыздыӊ келешектеги турмысына унамлы тәсир етеди,  деп исенемиз.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы