14-апрель күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Венгрия Бас министри Виктор Орбан менен телефон арқалы сөйлесиўи болып өтти.
Сөйлесиў алдынан Өзбекстан жетекшиси Венгрия Ҳүкимети басшысын «ФИДЕС» – Христиан-демократиялық халық партиясы коалициясы мәмлекет парламенти сайлаўында жеңиске ерискени менен қызғын қутлықлады.
Тәреплер еки мәмлекет арасында дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанының 30 жыллығы мүнәсибети менен бир-бирин қутлықлады.
Стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да беккемлеў мәселелери, Венгрия Бас министриниң өткен жылы март айындағы Өзбекстанға сапарының жуўмағында ерисилген келисимлердиң орынланыў барысы ҳәр тәреплеме додаланды.
Фармацевтика, аўыл хожалығы, шарўашылық, азық-аўқат санааты, қурылыс материалларын ислеп шығарыў тармақларында кооперация жойбарларын әмелге асырыў, банк-қаржы тараўындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша пикир алысылды. Болажақ жоқары дәрежедеги илажлардың режеси көрип шығылды.
Сөйлесиў ҳәр қашанғыдай қызғын ҳәм дослық руўхында өтти.
ӨзА