Шымбай районындағы медицина бирлеспесине қараслы көп тармақлы поликлиникада Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен «Саламат шаңарақ – беккем шаңарақ» жойбары тийкарында «Ана ҳәм бала саламат болса, шаңарақ бахытлы, шаңарақ бахытлы болса, жәмийет беккем болады» атамасында ушырасыў өткерилди.
Ушырасыўды өткериўден мақсет – ҳаял-қызлар арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, медициналық мәдениятын арттырыў, оларды спорт пенен шуғылланыўға кеңирек тартыў болып есапланады.
Онда сөзге шыққанлар елимизде әмелге асырылып атырған өзгерислер менен жаңаланыўлар, әсиресе ҳаял-қызлардың денсаўлығын беккемлеўге қаратылып атырған итибар туўралы мағлыўматлар берип, ҳәр бир инсан ушын ең үлкен байлық бул денсаўлық екенлиги, сонлықтан өз денсаўлығымызға итибарлы болыўымыз кереклиги атап өтилди.
Ушырасыў даўамында медицина хызметкерлери тәрепинен ҳаял-кызларымыздың саламатлығын беккемлеў мақсетинде мәҳәллелерден келген 50 ден аслам ҳаял-кыз медициналық тексериўден өткерилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги