Муқаддес Рамазан айы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Президентиниң атына сырт еллердиң мәмлекетлик ҳәм ҳүкимет басшылары, белгили мәмлекетлик ҳәм дин ғайраткерлеринен қутлықлаўлар келмекте.

Қутлықлаў хатларында сырт елли шериклер тәрепинен дос Өзбекстан халқына тынышлық, татыўлық, турақлылық ҳәм раўажланыў тилеклери билдирилген. Усы қутлы күнлер елимиз ҳәм регионымыздың пүткил мусылман дүньясына абаданлық ҳәм раўажланыў алып келиўи айрықша атап өтилген.

Атап айтқанда, төмендегилер өзиниң қутлықлаўларын жоллаған:

Саудия Арабстаны Патшасы Салмон ибн Абдулазиз Ол Сауд;

Египет Араб Республикасы Президенти Абдулфаттоҳ ас-Сиси;

Иран Ислам Республикасы Президенти Иброҳим Раисий;

Бирлескен Араб Әмирликлери Президенти Халифа бин Зоид Ол Наҳаян;

Кувейт Әмири Наваф ал-Аҳмад ал-Жобир ас-Сабоҳ;

Оман Султаны Ҳайсам бин Ториқ;

Бахрейн Патшасы Ҳамад бин Исо Ал Халифа;

Иордания Патшасы Абдулла II;

Марокаш Патшасы Муҳаммад VI;

Сирия Араб Республикасы Президенти Башар Асад;

Саудия Арабстаны Патшалығының мийрасхоры, Министрлер Кабинети баслығының орынбасары, қорғаныў министри Муҳаммад ибн Салмон ибн Абдулазиз Ол Сауд;

Бирлескен Араб Әмирликлери Қураллы күшлери Ҳүрметли бас сәркардасының орынбасары, Абу-Даби Әмирлиги мийрасхоры Муҳаммад бин Зоид Ол Наҳаян;

Кувейт мәмлекетиниң мийрасхоры Мишаал ал-Аҳмад ал-Жобир ас-Сабоҳ;

Бирлескен Араб Әмирликлериниң Вице-президенти, Бас министри, Дубай әмирлигиниң ҳәкими Муҳаммад бин Рошид ол Мактум;

Египет Бас имамы, «Ал Азҳар» комплексиниң басшысы шайх Аҳмад Таййиб.

Қутлықлаўлардың келиўи даўам етпекте.

ӨзА