Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлиги тәрепинен Кегейли районында «Әҳмийетли он бес күнлик биоқорғаў» илажларына бағышланып «Биологиялық усылдың абзаллығы» атамасында семинар өткерилди.

Семинарға агроном-энтомологлар, лабораториялардың баслықлары ҳәм хызметкерлери, дийқан-фермер хожалықларының баслықлары ҳәм үй алды қыйтақ жер ийелери қатнасты.

Семинарда агентлик баслығы А.Турдишов, Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў илим-изертлеў институты Қарақалпақстан Республикасы филиалының баслығы Д.Уббиниязов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, «Әҳмийетли он бес күнлик биоқорғаў» илажларының әҳмийетине кеңнен тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, тез арада биологиялық усылды кең түрде қолланыў ҳәм биофонды байытыў мақсетинде агрокластерлер, фермерлер, дийқан хожалықлары ҳәм үй алды қыйтақ жер ийелерине, атызларда ушырасатуғын зыянкеслерге қарсы биоөнимлерди ғалаба тарқатыў зәрүр. Сондай-ақ, мийўели бағлар ҳәм басқа тереклерге гектарына 2000-3000 данадан яки ҳәр бир түп есабына 30-50 данадан алтынкөз мәйегин тарқатыў керек. Себеби, бул усыл зыянкеслерге қарсы гүресиў илажлары арасында ең нәтийжели усыллардың бири болып есапланады.

– Семинар қатнасыўшылары бағ ҳәм ғәлле майданларының өсип раўажланыўын да көзден өткерди,-дейди агентликтиң баспасөз хаткери М.Пирниязова. – Қатнасыўшыларға ғәлле зыянкеслерине қарсы гүресиўде биологиялық усылдың абзаллығы бойынша зәрүр усыныс ҳәм мәсләҳәтлер берилди.

Илаж даўамында лаборатория хызметкерлери ғәлле майданларына профилактикалық мақсетте алтынкөз биоөнимлерин тарқатты.

Семинар қатнасыўшылары қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги