Қазақстан интернет басылымларында Қасым-Жомарт Тоқаевқа қастыянлық ислемекши болғаны жәрияланбақта.
Нур-Султан қаласында Президентке және бир қатар жоқары лаўазымлы мәмлекетлик хызметкерлерге қастыянлық ислеўди режелестирген сырт ел бақлаў агенти «А» деген қазақстанлық усланған. Тинтиў барысында шет елде шығарылған даўыс өширгиши бар снайперлик винтовка, наркотик затлар және көп муғдарда ақша табылған. Қурал жасырын түрде, Қазақстанға бөлшеклери менен алып келинген. Буннан басқа, гүманланыўшы социаллық тармақларда тийисли материалларды жәриялаў арқалы Россияға қарсы үндеўди нәсиятлаў және жәмийетте орысларды жаман көриў көз-қарасын туўдырыў тапсырмаларын орынлағаны хабарланған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги