2021-жылдың декабрь айында старт алған «Бәркамал әўлад-2022» спорт ойынлары финал басқышында ҳәзирге шекем 9 жарыс өз жуўмағына жетти.

Республикамыздағы академиялық лицей ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелериниң оқыўшы-жаслары арасындағы жарысларда гүрес, футбол, дзюдо, жеңил атлетика, волейбол (қызлар ҳәм ул балалар өз алдына), баскетбол (қызлар ҳәм ул балалар өз алдына), гандбол (қызлар ҳәм ул балалар өз алдына) спорт түрлери бойынша жеңимпазлар әллеқашан мәлим болып үлгерди, деп жазбақта Өзбекстан Спортты раўажландырыў министрлиги баспасөз хызмети.

Улыўма 12 спорт түринен өткерилетуғын усы спорт ойынлары жуўмағында 14 аймақтың топлаған упайлары есабынан жеңимпазлықты қолға киргизген аймақлар анықланады.

Ҳәзирше өткерилген 9 жарыстан соң улыўма командалық есапта кестениң жоқары орынларын Самарқанд (107 упай), Хорезм (103 упай) ҳәм Ферғана (96 упай) ўәлаятлары командалары бәнтлеген.

Сондай-ақ, күшли үшликке кириў ушын Сурхандәрья ўәлаяты (92 упай), Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Жиззақ ўәлаяты (сәйкес түрде 90 упайдан) спортшыларында жақсы имканиятлар бар.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, «Бәркамал әўлад» спорт ойынларының республикалық финал басқышы шеңберинде бадминтон, белбеўли гүрес, стол тенниси, шахмат ҳәм шашка спорт түрлери бойынша улыўма 5 жарыс өткериледи. Сонлықтан, улыўмалық кестеде аймақлардың ийелеп турған орынлары бир неше мәрте орын алмасыўы мүмкин.

Финал басқышы жуўмағында кестениң жоқары үшлигинен орын алған аймақлардың спортшы-жасларына Президент саўғалары тапсырылады.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.