Өзбекстан Республикасы ҳәм Қытай Халық Республикасы илимий мәкемелериниң илимпазлары тәрепинен Арал теңизин экологиялық жақтан турақлы басқарыў бойынша бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў бойынша келисимге қол қойылды.

Онлайн тәризде өткерилген илажда Ташкент ирригация инженерлери  ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў институты, Өзбекстан  Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы халықаралық инновациялық орайы ҳәм Қытай илимлер академиясының Синцзянь экология ҳәм география институтының илимпазлары қатнасты. Бул келисим Өзбекстан Республикасы ҳәм Қытай Халық Республикасы тәрепинен биргеликте ерисилген узақ мүддетли ҳәм нәтийжели жетискенликлерден келип шығып, сондай-ақ, 2020-жылдың 24-ноябрь күни қол қойылған «Жасыл Арал басламасы» шеңберинде, экологиялық ҳәм инновациялық технологиялардан пайдаланған ҳалда әмелге асырылады.

Келисимге муўапық, тәреплер Арал теңизи бассейнинде ҳақыйқый мағлыўматларға, дәлиллерге тийкрланған сиясатты ислеп шығыўға көмеклесиў ушын тийисли тараўларда биргеликте изертлеўлер алып барады. Илимий бирге ислесиў, тәреплер ушын шөлге қарсы гүресиў, деградацияға ушыраған жерлерди тиклеў, экосистема хызметлери ҳәм биокөптүрлиликти сақлаў, аэрокосмик ҳәм жерден турып инвентаризациялаў, мониторинг ҳәм моделлестириў, жер ҳәм суў ресурсларын турақлы басқарыў, өз-ара байланыслы изертлеўлер «суў-энергия-азық-аўқат-экосистемалар» сыяқлы тийкарғы пайдалы тараўларда биргеликтеги грантлар алыў ушын арза толтырыў ҳәм изертлеў өткериў имканиятын береди.

Сондай-ақ, Арал теңизиниң қурыған түбинде жерлерди қайта тиклеў ушын Қытайдың алдыңғы инновациялық  технологияларын сынаўдан өткериў ушын биргеликтеги «Жасыл инновациялық технологиялар» майданшалары шөлкемлестириледи. Атап айтқанда, Арал теңизиниң қурыған түбиндеги шорланған ҳәм силтили жерлерде өсимликлерди экологиялық жақтан тиклеў бойынша көргизбели майданлар жаратыў, онда энергия машқалаларын шешиўде қуяш энергиясынан пайдаланылады.

Аймақта суў там-тарыслығына бейимлесиў ҳәм шөл плантацияларын жаратыў, жоқ болып баратырған өсимлик түрлерин сақлап қалыў бойынша илим-изертлеў жумысларына қәнигелестирилген лабораториялар шөлкемлестирилип, Арал теңизиниң қурыған түбинде шөлге ҳәм шорға шыдамлы өсимликлердиң туқымын жетилистириў сыяқлы өз-ара пайдалы тараўларда потенциалды арттырыў бойынша илажлар өткериледи. Биргеликтеги бундай илажлар  орта ҳәм жоқары буўындағы мәмлекетлик уйымлардың хызметкерлерине байланыслы халықаралық семинарлар, илимий конференциялар ҳәм басқа да әмелий илажлар, илимий-техникалық қәнигелер таярлаў бағдарламасы ҳәм басқалаларды өз ишине алады.

Ерисилген келисимге муўпық, Синцзянь экология ҳәм география институты Ташкент ирригация инженерлери  ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў институты менен Өзбекстан  Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы халықаралық инновациялық орайының хызметкерлерин магистратура ҳәм докторонтураға жеңилликли қабыл етеди.

Бул келисим келешекте Аралбойының экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағына айланыўына мүнәсип хызмет етеди.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы