Республикамыз аймағында ҳаўа райының суўық болыўына байланыслы 27-31-январь күнлери аралығында улыўма орта билим бериў мектеплери ҳәм мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери ўақтынша жумыс искерлигин тоқтатып турды.

Усыған байланыслы бул күнлер ушын мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде төлем алынбайды. Ата-атаналардың февраль ушын айлық төлеминен 10 мың 227 сум қайтарылатуғыны ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги хабар берди. Бала қандай топарда екенлигине қарамастан, январь айынан баслап төлемлер ҳәмме ушын 75 мың сум болғанын есапқа алсақ, барлық мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң ҳәмме тәрбияланыўшылары ушын февральда 64 мың 773 сум төлейди.

Ал, мектеплерде болса, Қарақалпақстан Республикасы билимлендириў министрлигинен алынған хабарға қарағанда, усы күнлер аралығында оқыў тоқтап қалғаны ушын үшинши шерек соңындағы (Наўрыз байрамы қарсаңындағы) дем алыс төрт күнге қысқарады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.