6-июль күни Ташкентте Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың басшылығында денсаўлықты сақлаў системасын буннан былай да жетилистириў, саладағы бар машқалалар менен кемшиликлерди сапластырыў мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилиси болып өтти.
Онда ҳүкимет ағзалары, тийисли министрликлер менен ведомстволардың басшылары, жоқары медициналық оқыў орынларының ректорлары, республикалық қәнигелестирилген медицина орайларының директорлары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлардың, Ташкент қаласының, районлар менен қалалардың ҳәкимлери, денсаўлықты сақлаў мәкемелелериниң басшылары қатнасты.
Жәмийеттиң бийбаҳа байлығы болған инсанның саламатлығын беккемлеў, елимизде медициналық хызметтиң сапасын арттырыўға байланыслы мәселелер бәрқулла мәмлекетимиз басшысының дыққат орайында болып келмекте. Президент Шавкат Мирзиёев ўәлаятларға сапар етиўлери ўақтында социаллық әҳмийетке ийе ҳәр қыйлы объектлер менен бир қатарда аўылық шыпакерлик пунктлеринде, көп тармақлы клиникаларда болып, шыпакерлер ҳәм наўқаслар менен тиккелей пикирлесип киятырғаны бул бағдарда көплеген мәселелерди орынларда нәтийжели шешиў имканиятын бермекте.
Усы жыл 5-январь ҳәм 7-февраль күнлери медицина мәселелери бойынша болып өткен мәжилислерде бул системаның жумысын түп-тийкарынан жетилистириў, жерлеслеримизде ҳақылы түрде наразылық оятып атырған әҳмийетли машқалалар менен кемшиликлерди сапластырыў бойынша анық көрсетпелер берилип, сол бағдарда әмелге асырылып атырған бағдарламалардың орынланыўы ҳәр тәреплеме көрип шығылған еди. Ярым жыл даўамында усы темада үшинши мәрте мәжилис өткерилип атырғаны, әлбетте, тегин емес.
Неге дегенде, мәжилисте Президентимиздиң орынлы атап өткениндей, денсаўлықты сақлаў мәселеси ҳәр бир адамның күнделикли турмысына тиккелей байланыслы болып, бул бағдардағы машқалалар халықтың саламатлығына, сондай-ақ, жәмийетимиздиң социаллық кейпиятына, халықтың мәмлекетке, ҳүкиметке болған исенимине, ең күшли тәсир ететуғын сала екенине гүман жоқ.
Сонлықтан да мине, усы оғада әҳмийетли, шешиўши мәселени шешпей турып, басқа да салалар менен тармақларда алып барылып атырған реформалардың табысы туўралы сөз етиў улыўма мүмкин емес.
Мәжилисте медицина саласындағы кемшиликлерди сапластырыў мақсетинде соңғы ўақытта әмелге асырылып атырған унамлы өзгерислер атап өтилди.
Бул туўралы сөз етилгенде, бәринен бурын, бирлемши медициналық-санитариялық жәрдемди жетилистириўге байланыслы қарардың орынланыўы шеңберинде 793 аўыллық шыпакерлик пункти тийкарында аўыллық шаңарақлық поликлиникалары, 441 тез медициналық жәрдем шақапшаларының шөлкемлестирилгенин, жумысы сапластырылып атырған 658 аўыллық шыпакерлик пунктиниң имаратлары хызмет үйи сыпатында пайдаланыў ушын шыпакерлерге берилгенин атап өтиў орынлы.
Соның менен бирге, усы жылдың өзинде орынларға жеткерип берилиўи керек болған 1 мың 200 «тез жәрдем» машинасынан 1-июльге шекем жәми 646 дана автотранспорт, соның ишинде, Ташкент қаласы бойынша 126 дана «Дамас» жеткерип берилгени әҳмийетли әмелий қәдем болып табылады.
Әйне ўақытта денсаўлықты сақлаў салаласында бир қатар кемшиликлер де көзге тасланып атырғаны мәжилисте сын көз-қарастан талқылаў тийкарында көрсетип берилди. Атап айтқанда, патронаж жумысларының талап дәрежесинде емеслигине итибар қаратылды. Усы мүнәсибет пенен Министрлер Кабинетине патронаж хызметиниң мазмун-мәниси ҳәм тийкарғы ўазыйпалары анық белгилеп қойылатуғын айрықша Реже таярлаў ўазыйпасы тапсырылды.
«Биз енди медицина мәкемеси, соның ишинде, патронаж хызметиниң жумысына саланың ҳәмелдарлары емес, ал әпиўайы адамлар, халықтың тиккелей қалыс баҳа беретуғын система жаратыўымыз керек», деди мәмлекетимиз басшысы.
Мәжилисте және бир әҳмийетли машқала – регионларда ҳәм аймақларда шыпакер кадрлардың жетиспеўшилигине байланыслы мәселе де додаланып, жағдайды унамлы тәрепке өзгертиў мақсетинде медицина хызметкерлери ушын зәрүр шараятлар жаратыў, соның ишинде, оларды жеңилликли ипотека кредитлери тийкарында арзан турақ жайлар, тутыныў кредитлери менен тәмийинлеў бойынша айрықша бағдарлама ислеп шығыў туўралы көрсетпе берилди.
Мәжилисте және бир тийкарғы бағдар – республикамызда денсаўлықты сақлаў системасының жеке секторын раўажландырыўдың ҳәзирги жағдайы ҳәр тәреплеме додаланды. Бул бағдарда мәмлекетимиз басшысының усы жыл 1-апрельде қабыл етилген қарарына бола жеке меншик медицина мәкемелериниң жумысына шеклеўлер бийкар етилип, бир қатар жеңилликлердиң берилгени, олар ушын барлық түрдеги жоқары технологиялық операцияларды әмелге асырыўға руқсат етилгени атап өтилди. Бирақ, жаратып берилген үлкен имканиятларға қарамастан, бул бағдарда немқурайдылыққа жол қойылып атырғаны сын көз-қарастан терең талқыланды. Бул мәселеде, әсиресе, Сырдәрья, Жиззақ, Наўайы, Қашқадәрья ўәлаятларында ҳәм Қарақалпақстан Республикасында анық кемшиликлердиң бар екени көрсетип өтилди.
Жергиликли ҳәкимликлер жеке меншик медицина саласына инвестиция тартыў мәселесине, жаңа мәкеме шөлкемлестирмекши болған исбилерменлерге жетерли дәрежеде итибар бермей атырғанына байланыслы кемшиликлер сынға алынып, денсаўлықты сақлаў системасында жеке секторды раўажландырыў бойынша тийисли тапсырмалар менен көрсетпелер берилди. Соның ишинде, бул бойынша «Асакабанк» тиң жанында Мәмлекетлик емес медицина мәкемлерин раўажландырыў қорын шөлкемлестириў мақсетке муўапық, деп табылды ҳәм мәмлекетимиз басшысының көрсетпесине бола қосымша қаржы дәреклери есабынан усы қорға 14 миллион АҚШ доллары муғдарында қаржы ажыратылды.
Мәжилисте денсаўлықты сақлаў системасындағы реформаларды избе-из даўам еттириў, әсиресе, жеке меншик медицна тармағын кеңейтиў бойынша жумыслардың жағдайы ушын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласыниң ҳәкимлери және тийисли министрликлер менен ведомстволардың басшылары жеке жуўапкер екени ҳәм ҳәр шеректе Президентке есап беретуғыны айрықша атап өтилди.
Ҳәзирги ўақытта шет еллерден жоқары маманлықтағы шыпакер қәнигелерди елимизге мирәт етип, олардың билиминен ҳәм потенциалынан нәтийжели пайдаланыў бойынша илажлар көриў зәрүрлиги туўралы тапсырмалар берилди.
Мәжилисте алып барылып атырған турақлы мониторинг жумыслары дәри-дәрмақ тәмийнаты ҳәм баҳасы мәселесинде де елеге шекем анық машқалалардың бар екенин көрсетип атырғаны айқын мысаллар тийкарында атап өтилди. Жуўапкер шөлкемлерге баҳалары шекленген дәри қуралларын ислеп шығарыў, олардың дәриханаларда барлық ўақытта болыўын ҳәм рецепт тийкарында берилиўин тәмийинлеў сыяқлы илажлардың механизмин ислеп шығыў ўазыйпасы тапсырылды.
Мәжилисте тийисли министрликлер менен ведомстволардың, компаниялар ҳәм хожалық бирлеспелериниң басшылары, бир қатар ўәлаятлар менен районлардың ҳәкимлериниң мәлимлемелери тыңланды.
ӨзА