Ассалаўма әлейкум, әзиз ўатанласлар!
Ҳүрметли Татьяна Акбаровна!
Қәдирли Самарқанд халқы!
Усы күнлерде Өзбекистан Республикасының Биринши Президенти ҳүрметли Ислам Әбдиғаниевич Кәримовтың 80 жыллығы пүткил елимизде кеңнен белгиленип атырғаны, бәршеңизге белгили.
Мине, ҳәзир ғана Қашқадәрья ўәлаятында болып қайттық. Қаршы қаласында Ислам Әбдиғаниевичтиң ҳүрметине қурылған естеликтиң салтанатлы ашылыўы ҳәм қайыр-сақаўат мәресими болып өтти. Әне, усы еслеў илажларының даўамы сыпатында сизлер менен әййемги Самарқанд қаласында, шын мәнисиндеги теберик орында және бир тарийхый ўақыя мүнәсибети менен жыйналып турмыз.
Әййемги Самарқанд диярындағы ең бириши мешит есапланған белгили Ҳәзирети Хизр комплексиниң жанында Биринши Президентимиздиң мавзолей естелигиниң ашылыў мәресиминде қатнаспақтамыз.
Қаншама уллы ўақыялардың гүўасы болған, не деген уллы инсанлар мәңги жерленген усы ески орында, Ҳәзирети Хизр ҳәм Шоҳи Зинда зыярат етиў орынларының жанына бүгин және бир қутлы зыярат етиў орны қосылмақта.
Өзиниң ўәсиятына бола Биринши Президентимиз мине усы мүбәрек орынға жерленген еди.
Биз бул естелик комплексин кең ҳәм үлкен майданда, оғада саўлатлы етип қурыўымыз да мүмкин еди, әлбетте. Бирақ, бир ҳақыйқат ҳәммемизге жақсы белгили: марҳум Ислам аға оғада кишипейил, әпиўайы инсан еди. Артықша дәбдебени жақтырмайтуғын еди.
Көпти көрген, данышпан халқымыз жақсы түсинеди: уллы шахслардың ҳүрметине қурылған естеликлердиң баҳасы, бәринен бурын, әне, усы инсанның өз халқы ҳәм Ўатаны, келешек әўладлар алдындағы жақсы ҳәм саўаплы ислери, адамлардың жүрегинде қалдырған өшпес естелиги менен өлшенеди.
Бәршемиз гүўамыз: Ислам аға қайтыс болғанынан соң пүткил халқымыздан, жер жүзиниң ҳәр қыйлы үлкелеринен бул жерге көп мыңлаған зыяратшылар ағылып келе баслады. Соның өзи-ақ ғәрезсиз Өзбекистан мәмлекетиниң тийкарын салыўшы, елимизге 27 жыл даўамында басшылық еткен Биринши Президентимиз өзиниң уллы тарийхый хызметлери менен халқымыздың ядында, дүнья жәмийетшилигиниң арасында қаншелли жарқын из қалдырғанын көрсетеди.
Бүгин усы мавзолейдиң ашылыўы менен зыяратшылардың ағымы және де көбейетуғынына исенемен. Бул орын адамлардың, әсиресе, жас әўладымыздың қәдеми ҳеш қашан үзилмейтуғын муқаддес зыярат етиў орнына, үлкен тәрбия орайына айланады.
Әзиз дослар!
Уллы Елбасшымызға көрсетилип атырған жоқары ҳүрмет-иззет туўралы, оның мазмун-мәниси ҳәм әҳмийети ҳаққында сөз етип, жақын өтмиште бәршемиздиң жүрегимизде аўыр жарақат болып қалған бир ўақыя көз-алдымыздан өтетуғыны тәбийғый, деп ойлайман.
Биз басқаларға бойсынып жасаған езиўшилик дүзим дәўиринде пүткил саналы өмирин ел-халықтың раўажланыўына бағышлаған инсанлар, бәринен бурын, республикамыз басшыларының естелигине, тилекке қарсы, мүнәсип ҳүрмет-иззет көрсетилмеди. Оның орнына олардың абыройына ҳәр қыйлы жала ҳәм дөҳметлер жаўдырылғанын кексе әўлад ўәкиллери, ҳүрметли ветеранларымыз ҳәзирге шекем өкиниш пенен еслейди.
Инсаныйлықты, инсанның естелигин бәрқулла әзиз ҳәм муқаддес деп билетуғын бизиң халқымыз бундай әдалатсыз ислерди ҳасла қабыл етпейди. Елимизде бундай намақул ислерге енди ҳеш қашан жол қойылмайды.
Ўатан ушын, халық ушын пүткил өмирин бағышлаған, өзин аямай, пидайы хызмет еткен уллы инсанларға жоқары ҳүрмет көрсетиў бизиң елимизде бәрқулла биринши орында турыўы, керек болса, турмысымыздың қағыйдасына айланыўы зәрүр. Сонда ғана биз өз қәдир-қымбатын терең аңлаған, басқалар да ҳүрмет ететуғын халық ҳәм миллет сыпатында өзлигимизди көрсете аламыз.
Қәдирли ўатанласлар!
Көз алдымызда бой тиклеп турған усы бийтәкирар комплекс, бәринен бурын, ғәрезсизлигимиздиң тийкарын салыўшысы болған ҳүрметли Ислам Әбдиғаниевичтиң мәңги естелигине халқымыздың шексиз ҳүрмет-иззети менен меҳир-муҳаббатының әмелий көриниси сыпатында қурылды.
Елимиздиң барлық аймақларынан келген мыңлаған қурылысшылар тәрепинен қысқа мүддетте бул жерде кең көлемли қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары әмелге асырылды. Усы саўлатлы мавзолей комплексин қурыўда Шығыс дүньясы, атап айтқанда, Ислам Әбдиғаниевич жанынан артық сүйген Самарқандтың тарийхый естеликлери, миллий архитектура мектебине тән усыллар менен дәстүрлер ҳәр тәреплеме есапқа алынды. Әмир Темур, Имам Бухарий, Имам Мотуридий, Хўжа Аҳрор Валий сыяқлы уллы бабаларымыз мавзолейлериниң гүмбезлеринен, бийбаҳа нағыслары менен дийўалындағы безеклеринен дөретиўшилик пайдаланылды.
Естелик комплексин зыярат етиўде әҳмийетли бир нәрсеге айрықша итибар бериўиңизди сорар едим. Мавзолейдиң текшелерине муқаддес Қуран аятлары менен ҳәдис үлгилери жазылған болып, оларда терең мазмун жәмленген. Бул илаҳий кәлималар ҳәр бир инсанды руўхый жақтан пәклениўге, турмыстың мазмун-мәнисин тереңирек аңлаўға шақырып турады.
Зыярат етиў орнының жанында қурылған өзбеклерге тән гөззал әйўан дийўалларына мөрленген Биринши Президентимиздиң ҳикметли сөзлеринде айтылғанындай, инсан бул дүньядан өтип кеткенинен кейин де оның ийгиликли ислери, жарқын естелиги мәңги жасайды.
Бул бағдарда Ислам Әбдиғаниевичтиң өзи бәршемиз ушын жоқары ибрат ҳәм өрнек үлгиси болып жасады, десек, әйне ҳақыйқатты айтқан боламыз.
Пурсаттан пайдаланып, усы комплексти қурыўда қатнасқан архитекторлар менен қурылысшыларға, жумысты бөлип алып ислеўши шөлкемлердиң ўәкиллерине, усы қайыр-сақаўатлы иске үлес қосқан барлық инсанларға, Самарқанд халқына өзимниң атымнан, халқымыздың атынан терең миннетдаршылық билдириўге руқсат еткейсиз.
Әзиз ҳәм ҳүрметли ўатанласлар!
Мәрт ҳәм жоқары мәртебели, кеңпейил халқымыз ғәрезсиз Өзбекистанның биринши басшысы ҳүрметли Ислам Әбдиғаниевич Кәримовты, ол инсанның Ўатан алдындағы бийбаҳа хызметлерин ҳеш қашан умытпайды.
Бәршемиз ушын әзиз ҳәм қәдирли болған Ислам ағамыздың ақыретлери абат болсын!
Мине, усындай уллы инсанларды тәрбиялап өсирген халқымыз бәрқулла аман болсын!
Елимиз тыныш, аспанымыз ашық болсын!
Итибарыңыз ушын рахмет.