«Қызылөзек» аўыл пуқаралар жыйыны Шымбай районындағы халқы еӊ көп ҳәм тығыз жайласқан елатлардыӊ бири болып табылады. Бүгинги күни аймақта 953 шаӊарақта бес ярым мыӊнан аслам халық тыныш-татыў турмыс кеширмекте.

Өткен жылы аймақтағы бир қатар турмыслық машқалалар есапқа алынып, «Абат аўыл» мәмлекетлик бағдарламасы  тийкарында бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылды. Атап айтқанда, жыйын орайы ҳәм «Болыс аўыл» елатында жасаўшы үйлерге ишимлик суў, электр линиялары жаӊадан тартылып, көшелерине шағыл тас төсеп берилди. Сондай-ақ, жыйын орайындағы бир балалар бақшасы жаӊадан салынып питкерилген болса, және биреўине реконструкция жумыслары жүргизилди. «Болыс аўыл» дағы балалар бақшасы болса, жаӊадан бой тиклемекте. Мектеплерге де ағымдағы оӊлаў жумыслары исленди.

Жақында бул аймаққа бурын районлық қаржы бөлиминде жумыс ислеген Мухтар Ешимбетов ҳәким жәрдемшиси, алдын 45-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде жаслар жетекшиси болып ислеген Алым Өтегеновлар жыйынға жаслар жетекшиси етип тайынланған еди. Бизлер олардыӊ алып барып атырған жумыслары менен танысыў мақсетинде усы аймақта болып, жаӊа қәнигелердиӊ жумыс жүргизиў барысы менен қызықсындық.

-Усы күнге шекем «Болыс аўыл» ҳәм «Төпе аўыл» елатларын аралап, олардыӊ машқалалары менен таныстық,-дейди бизге ҳәким жәрдемшиси Мухтар Ешимбетов.-Жыйын орайында жасаўшы хожалықлар саны көп болғанлықтан үйме-үй еле толық кирип шыға алмадық. Бирақ, адамлар менен сөйлескеннен кейин улыўмалық машқалалардыӊ бир қатары белгили болды.Атап айтқанда, аймақта үйлерди тәбийғый газге жалғаў еӊ баслы мәселе болып тур. Сондай-ақ, жыйын орайындағы 17-санлы мектепте асхана, мәжилислер залыныӊ жоқлығы, класс бөлмелериниӊ жетиспеўшилиги оқыўшылар менен муғаллимлерге әдеўир қыйыншылықлар туўдырмақта. Сонлықтан мектеп оқыўшылары көркем өнер ҳәм музыка тараўлары бойынша өткерилетуғын таӊлаўларда төмен көрсеткиште қалмақта.

-Аўыл жасларыныӊ бос ўақытларын мазмунлы өткериўи ушын оларды спорттыӊ волейбол, баскетбол, теннис түрлери менен шуғылландырайық ҳәм бул бойынша жарыслар шөлкемлестирейик десек, мектеп спорт залында Шымбай районы Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиниӊ миллий гүрес ҳәм бокс секциялары жумыс алып бармақта ҳәм спорт зал олардан босамайды екен,-деп гәп қосты жаслар жетекшиси Алым Өтегенов.-Бул бойынша тез арада жоқары турыўшы шөлкемлерге мәлимлеп, аймақ жасларыныӊ машқаласын унамлы шешиўге ҳәрекет етемиз.

Әлбетте, аймақ халқы ҳәм 17-санлы улыўма орта билим бериў мектеби муғаллимлери менен сәўбетлесер екенбиз, олардан усы жоқарыда аты аталған машқалаларды еситтик.

Мәмлекеттиң келешеги, барлық тараўлар ҳәм жойбарлардың табысы билимли инсанларға байланыслы. Сонлықтан кейинги төрт жылда билимлендириўдиң сапасын жақсылаў, муғаллимлердиң абырайын көтериў бойынша көп жумыслар исленди. Енди мәмлекетимиз жаңа дәўирге қәдем қоймақта. Өзбекстанның 2022-2026-жылларға мөлшерленген раўажланыў стратегиясында төртинши тийкарғы бағдар әне, усы билимлендириў тараўын, инсан капиталын раўажландырыўға бағдарланған.

Бул тараўдағы реформаларды кешиктириўге ҳақымыз жоқ. Мектеп билимлендириўинде тырнақты бүгиннен беккем қойыўымыз керек. Буған барлық итибарымыз ҳәм ресурсларымызды жумсаймыз. Қыйын жолды таңлап атырмыз, бирақ, бул жол машқалаларды шешеди.-Мектеплерди жақсылаў тек Халық билимлендириў министрлигиниң емес, ал, барлық министрликлер ҳәм уйымлар, ҳәкимликлер, илимий шөлкемлер, зыялылар, кең жәмийетшиликтиң ўазыйпасы болыўы керек,-деген еди Президентимиз  Шавкат Мирзиёев.

Сонлықтан ҳәкимлердиӊ жәрдемшилер ҳәм тийисли тараў басшылары менен биргеликте аймақ халқыныӊ бул машқалаларын да унамлы шешетуғынлығына исенип қаламыз.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы