Жаңа Өзбекстанның Раўажланыў стратегиясымәмлекет ҳәм шахс, жәмийет ҳәм инсан қатнасықларында ҳәр бир пуқараның ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин тәмийинлеўге қаратылған бир қатар принциплер алға қойылған ҳүжжет.

Бул принциплер мәмлекетимиздиң 2030-жылға шекем мөлшерленген Турақлы раўажланыў мақсетлеринде ең әҳмийетли орын ийелейтуғыны Жаңа Өзбекстанда инсанның тийкарғы ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеў тараўында буннан былай тутатуғын позициясын дүнья жәмийетшилиги тән алыўына тийкар жаратады.

Ҳәзирги күнлерде Раўажланыў стратегиясы мазмун-мәнисин кеңнен үгит-нәсиятлаў, оннан келип шығатуғын ўазыйпаларды белгилеп алыўға қаратылған бир қатар ушырасыўлар ҳәм дөгерек сәўбетлери шөлкемлестирилмекте. Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Демократиялық институтлар, мәмлекетлик емес шөлкемлер ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары комитети тәрепинен де «Жаңа Өзбекстанның Раўажланыў стратегиясындағы инсан қәдирин тәмийинлеўдиң тийкарғы мақсет ҳәм ўазыйпаларын әмелге асырыўда парламенттиң орны» атамасында дөгерек сәўбети өткерилди.

Атап өтилгениндей, «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында халқымыздың абаданлығын буннан былай да арттырыў, экономика тармақларын трансформациялаў ҳәм исбилерменликти жедел раўажландырыў, инсан ҳуқықлары менен мәплерин сөзсиз тәмийинлеўге қаратылған Раўажланыў стратегиясы 2026-жылға шекемги дөретиўшилик процесин қамтып алады ҳәм жылма-жыл әмелге асырылып барылады.

Ондағы жети тийкарғы бағдар негизинде инсан қәдирин тәмийинлеў сыяқлы уллы мақсет жатқаны айрықша атап өтилди. Мәселен, «Инсан қәдирин көтериў ҳәм еркин пуқаралық жәмийетти буннан былай да раўажландырыў арқалы халықшыл мәмлекет қурыў» деп аталған 1-бағдар 12 мақсет ҳәм 45 ўазыйпаны қамтып алған. Бул мақсетлерге ерисиў ушын болса дүнья жүзиндеги сийрек ушырасатуғын демократиялық структура болған мәҳәлле институтының үлкен имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў, оның ўәкилликлерин буннан былай да кеңейтиў, нәтийжеде мәҳәллени жәмийеттиң шешиўши буўынына айландырыў ўазыйпасы қойылған.

Сондай-ақ, «Мәмлекет халыққа хызмет көрсетиўи шәрт» идеясын енгизиўди нәзерде тутатуғын «Халықшыл мәмлекет» миллий бағдарламасын әмелге асырыў, халық пенен ашықтан-ашық сәўбетлесиў механизмлерин буннан былай да жетилистириў, әҳмийетли қарарларды жәмийетшиликтиң пикирин есапқа алған ҳалда қабыл етиў әмелиятын кеңейтиў сыяқлы ўазыйпалар қойылған.

Дөгерек сәўбетиниң қатнасыўшылары бул әҳмийетли ўазыйпаны әмелге асырыў ушын барлық мәпдар министрликлер ҳәм уйымлардың, ең баслысы, пуқаралық жәмийети институтларының ҳәрекетлерин мобилизациялаў керек екенлигин айрықша атап өтти.

Жуўмағында Раўажланыў стратегиясынан келип шыққан инсан қәдирин улығлаў ҳәм мәплерин толық тәмийинлеўге байланыслы мақсетлерди әмелге асырыўда Олий Мажлис алдында турған әҳмийетли ўазыйпалар бойынша усыныслар ислеп шығылды.

Муҳтарама КОМИЛОВА,

ӨзАның хабаршысы