Олий Мажлис Сенаты Илим, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў мәселелери комитети жумысшы топарының мәжилиси болып өтти.

Илажда Олий Мажлис Сенаты ағзалары, Нызамшылық палатасының депутатлары, тараўға тийисли министрликлер, уйымлар, хожалық жүргизиўши субъектлердиң ўәкиллери қатнасты.

Қатнасыўшылар Олий Мажлис Нызамшылық палатасы тәрепинен киргизилген «Алкоголь ҳәм темеки өнимлериниң тарқатылыўын және пайдаланылыўын шеклеў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамын дәслепки тәризде додалады.

Атап өтилгениндей, нызам алкоголь ҳәм темеки өнимлериниң тарқатылыўын және пайдаланылыўын шеклеў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыў мақсетинде ислеп шығылған. Ҳүжжет пуқаралардың, бәринен бурын, жигирма бир жасқа толмаған пуқаралардың денсаўлығын алкоголь ҳәм темеки өнимлеринен пайдаланыўдың зыянлы тәсиринен, оның менен байланыслы социаллық ҳәм басқа да унамсыз ақыбетлерден қорғаўға, сондай-ақ, жәмийетте саламат турмыс тәризин қәлиплестириў және ен жайдырыў ушын шөлкемлестириўшилик ҳәм ҳуқықый шараятларды жаратыўға қаратылған.

Мәжилисте нызам менен киргизилип атырған жаңа нормаларға берилген усыныслар да додаланды. Атап айтқанда, ҳүжжеттиң Темеки өнимлериниң, темекини және никотинди пайдаланыў үскенелериниң айланысы ҳаққындағы статьясында шегилмейтуғын темеки өнимлерин, соның ишинде, қурамында никотин бар болған шегилмейтуғын өнимлерди Өзбекстан Республикасына алып кириў (соның ишинде, халықаралық почта ҳәм курьерлик жоллама хатлары арқалы алып кириў) және Өзбекстан Республикасы аймағында реализациялаўдың қадаған етилетуғыны белгиленген.

Республикамыз аймағында жумыс ислейтуғын «УЗБАТ А.О» қоспа кәрханасы бул норманың инвестициялық жойбарға тәсири ҳаққында пикир-усыныслар билдирди.

Қатнасыўшылар нызам бойынша билдирилген пикир-усынысларды инабатқа алған ҳалда, ҳүжжетти жетилистириў зәрүр екенлигин атап өтти.

ӨзА