Кипр атаўында коронавирустың гибрид версиясы – «дельтакрон» анықланды.

Белгили болыўынша, инфекицияны жуқтырып алған 25 пуқараның үлгисинде әне усы жаңа штамм анықланған. Бирақ, илимпазлар «дельтакрон» инсан өмири ушын қәўип туўдырады, деп есапламай атыр.

Кипр университети профессорының хабарына бола, коронавирустың гибрид штаммы «дельта» менен бир қыйлы генетикалық тийкарға ийе, сондай-ақ, «омикрон» мутацияларын да өз ишине алады.

Қубла африкалы иммунологлар «омикрон» штаммы CОVID -19дың тамамланыўы ҳәм эпидемиологиялық жағдай белгили бир басқышқа өтип алғанын билдиретуғынын айтпақта.

Анығырақ айтатуғын болсақ, изертлеўшилер 466 наўқастың мағлыўматларын үйренип шыққан ҳәм усы толқын даўамында CОVID-19 бенен наўқасланғанлардың дерлик 4,5 проценти емлеўханада қайтыс болғаны анықланған.

Қалаберсе, наўқаслардың емлеўханада жатыўы орташа даўамлылықта сегиз күннен төрт күнге, интенсив терапия бөлимине жатқарылғанлар саны болса 4,3 проценттен бир процентке қысқарған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги