Қазақстан Республикасының Актюбинск ўәлаятында 2018-жыл 18-январь күни жүз берген апатшылық ақыбетинде Өзбекистан Республикасы пуқаралары қайтыс болғаны мүнәсибети менен шет мәмлекетлердиң басшыларының атынан кеўил бирдирилген хатлар келмекте.

Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёевтиң атына Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳом Алиев, Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенко, Аўғанстан Республикасы Президенти Муҳаммад Ашраф Ғани, Венгрия Президенти Адер Янош, Чехия Республикасы Президенти Милош Земан тәрепинен жолланған шын жүректен билдирилген кеўил айтыўлар ҳәм қоллап-қуўатлаған сөзлери жазылған хатлар келди.

Шет мәмлекетлердиң басшылары өз хатларында Өзбекистан пуқараларының қайтыс болғаны ҳаққындағы хабар оларды терең қайғыға салғанын атап өткен. Жүз берген апатшылыққа байланыслы олар Өзбекистан Президентине, қайтыс болғанлардың шаңарақ ағзаларына ҳәм жақынларына, пүткил халқымызға терең кеўил билдирген.

Кеўил билдирилген хатлардың келиўи даўам етпекте.

ӨзА