Бас прокуратура жанындағы Департаменттиң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен социаллық әҳмийетке ийе азық-аўқат өнимлериниң баҳаларын манипуляциялаў, оларға болған жасалма қытшылық ҳәм ажиотаж талапты жүзеге келтириў жағдайларының алдын алыў бағдарында бир қатар жумыслар алып барылмақта.
Республикамызда жәми 18 дийқан базары, 1 қурылыс, 3 буйым ҳәм саўда комплекслери жумыс алып бармақта. Дийқан базарларындағы азық-аўқат өнимлери баҳаларының турақлылығын тәмийинлеў мақсетинде барлық базарларда аўыл хожалығы ярмаркалары шөлкемлестирилип, департамент, салық уйымлары ҳәм монополияға қарсы гүресиў басқармасының хызметкерлери бириктирилген. Ярмаркаларға 593 дийқан, фермер ҳәм исбилерменлик субъекти тартылды.
Быйылғы жылы баҳалардың турақлылығын сақлаў мақсетинде жәми 910 тонна картошка, 565 тонна пияз, 443 тонна гешир,118 тонна таўық гөши, 917 мың дана мәйек,177,7 тонна малдың гөши, 63,5 тонна қумшекер, 516 тонна өсимлик майы, 737,5 тонна пахта майы ҳәм 1951 тонна басқа азық-аўқат өнимлери жетиспеўшилиги бақланған базарлар интервенцияланды. Шөлкемлестирилип атырған ярмаркаларға қосымша түрде ири импортёрлар бириктирилип, өсимлик майы ҳәм қумшекер өнимлери арзан баҳаларда сатылыўы жолға қойылды. Бир ғана Нөкис қаласы дийқан базарында шөлкемлестирилген арзанластырылған орынларда «Nukus standart commerce» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен импорт етилген өсимлик майының 1 литри 18300 сумнан сатылыўы жолға қойылып, бир күнде орташа 1 тоннаға шекем өсимлик майы сатылмақта.
Қыс ҳәм бәҳәр айларында халыққа азық-аўқат өнимлериниң запасын жыйнаў барысында да бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта. Азық-аўқат өнимлериниң запасы бойынша «Нукус Дилиша», «Qiyat», «Medasiatex Cluster», «Claster Behruz Jahangir» ҳәм «NIGORA-MAHINA» жуўапкершилиги шекленген жәмийетлери бириктирилген болып, оларға 3379 тонна запас жыйнаў режеси берилген. Ҳәзир қоймаханаларда 1830 тонна картошка жыйналған ҳәм қалған бөлегин алып келиў илажлары көрилмекте.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 15-апрельдеги «Коронавирус пандемиясы шараятында республикамыздың халқына мәмлекет ресурслары есабынан ун өнимлерин системалы ҳәм кепилликли жеткерип бериў илажлары ҳаққында»ғы мәжилис протоколының 2-бәнтиниң орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде 5 дән кәрханасы тәрепинен ислеп шығарылған ун өнимлерин халыққа жеткерип бериў жумыслары қадағалаўға алынған. Атап айтқанда, усы жылдың декабрь айына дислокацияға киргизилген 536, соннан 273 унды қайта ислеўши, 261 халыққа жеткерип бериўши исбилерменлер ҳәм 3 социаллық тараўдың ўәкиллери тәрепинен 3018,0 тонна ун өнимлери дән кәрханаларынан алынып, халыққа жеткерип берилди.
Базарларда социаллық әҳмийетке ийе азық-аўқат өнимлери баҳаларының тийкарсыз көтерилип кетиўиниң алдын алыў бойынша қатаң қадағалаў орнатылған болып, системалы жумыслар алып барылмақта.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.