Өзбекстан Республикасы Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги ҳәм Өзбекстандағы БМШ Раўажланыў бағдарламасының «Санлы экономика ҳәм санлы исбилерменликти раўажландырыў ушын жаслар имканиятларын кеңейтиў» жаңа қоспа жойбары иске қосылды.

Жойбарға қол қойыў мәресиминде Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министриниң биринши орынбасары Илҳом Норқулов, БМШ РБның Өзбекстандағы турақлы ўәкили Матильда Димовска ҳәм Россия Федерациясының Өзбекстандағы елшисиниң мәсләҳәтшиси Валентин Гусев усы жойбардың санлы исбилерменлик орталығы ҳәм жас исбилерменлердиң санлы көнликпелерин жақсылаўда әҳмийети үлкен екенин айрықша атап өтти.

– Коронавирус пандемиясы дәўиринде бир қатар жумысларды әмелге асырыў зәрүрлиги туўылды, – деди Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги Жасыл ҳәм инновациялық экономиканы раўажландырыў департаментиниң директоры Ўткиржон Холбадалов. – Әйне усы мақсетте жаңа жойбарды әмелге асырыў бойынша БМШ Раўажланыў бағдарламасы менен келисимге ерисилди. Бул жойбар жаслардың санлы экономика ҳәм санлы исбилерменлик имканиятларын арттырыўға қаратылған. Жойбар тийисли жергиликли ҳәм халықаралық шөлкемлердиң қатнасыўында додалаўдан өткерилген ҳәм усыныслар тийкарында жетилистирилген. Бүгин жойбар министрликлер ҳәм БМШ Раўажланыў бағдарламасы арасында қол қойылды. Жойбар үш жылға мөлшерленген болып, улыўма баҳасы 2 миллион 100 мың доллар грант қаржы тийкарында әмелге асырылады.

Атап өтилгениндей, жойбардан гөзленген мақсет жаслардың санлы исбилерменлик бойынша маманлық ҳәм имканиятларын арттырыў, оларды оқытыўдан ибарат. Соның менен бир қатарда, ҳәзирги күнде әҳмийетли ўазыйпалардан бири – санлы исбилерменликти қаржыландырыў имканиятын кеңейтиў болып есапланады.

Жойбар санлы ҳәм «жасыл» трансформация ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бойынша ҳүкимет ҳәрекетлерин қоллап-қуўатлаў, жедел мийнет базары сиясатын жетилистириў ҳәм жаслардың исбилерменлик көнликпелерин арттырыў бойынша БМШ Раўажланыў бағдарламасы менен бирге ислесиўде әмелге асырылып атырған программалық жумыстың логикалық даўамы болып есапланады. Жойбар «Россия Федерациясы – БМШ Раўажланыў бағдарламасының раўажланыў мақсетлеринде» траст фонды тәрепинен қаржыландырылады.

БМШ РБның Өзбекстандағы турақлы ўәкили Матильда Димовска бул халықаралық шөлкем Өзбекстанда исбилерменликти қоллап-қуўатлаў ҳәм инсан капиталын раўажландырыў бойынша өзиниң қатнасыўын кеңейтиўден қуўанышлы екенин билдирди.

– Биз ҳәзир ғана Россия Федерациясының жәрдеминде Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги менен биргеликте жаңа шартнамаға қол қойдық. Covid-19 бизлерге санластырыў оғада әҳмийетли екенин ҳәм санлы раўажланыў талапқа айланғаны ҳаққында сабақ берди. Сондай-ақ, бизлер жаслардың экономикалық раўажланыўда конструктивлик қатнасыўы ушын оларға кеңирек имканият берилиўи әҳмийетли екенлигин де аңлап жеттик. Бул, әсиресе, халықтың үлкен бөлегин жаслар қурайтуғын ҳәм потенциалы жоқары мәмлекет – Өзбекстан ушын айрықша әҳмийетке ийе. Бул жойбардан мақсет сол, өзбек жаслары дүнья жүзинде жүз берип атырған санластырыўдан толық пайдалана алыўы ҳәм оны Өзбекстанда және де жоқары дәрежеге алып шығыўға қаратылған. Жойбар шеңберинде жаслардың көнликпелерин қоллап-қуўатлаў, буның ушын техникалық шешимлерди усыныў, сондай-ақ, жасларды санлы раўажланыўға тартыў ушын керекли әҳмийет бар екенлиги ҳәм жаслардың инновациялық қаржыландырыўға ийе болыўы ушын министрлик пенен жақыннан бирге ислесиўди режелестирмектемиз. Усы жылы – кәмбағаллықты азайтыў ҳәм инклюзив раўажланыўды тәмийинлеўдиң бирден-бир жолы болып есапланады. Министрлик пенен биргеликте бул басламаны басланғанымыздан оғада мақтаныш етемиз ҳәм жумысымыз толық нәтийжесин бериўине умтыламыз, – деди Матильда Димовска.

Илажда Өзбекстан Республикасы Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги ҳәм Өзбекстандағы БМШ Раўажланыў бағдарламасы арасында «Санлы экономика» ҳәм санлы исбилерменликти раўажландырыў ушын жаслардың имканиятларын кеңейтиў» жаңа биргеликтеги жойбарына қол қойылды.

 

Насиба ЗИЁДУЛЛАЕВА

ӨзАның хабаршысы