«Өзбекстан жаслары форумы» шеңберинде усы жылдың 18-19-декабрь күнлери Ташкент қаласындағы Инновациялық оқыў ҳәм өндирислик технопаркинде «Өзбекстан ушын 100 идея» жойбарының финал басқышы болып өтти.

Қуўанышлысы, жойбардың финал басқышында қарақалпақстанлы жаслар – А.Елмуратов, У.Мырзаназарова, С.Беристенов, А.Юлдашев, Ж.Муратбаев ҳәм «Сигма» командасы жеңимпазлар қатарынан орын алды. Жойбар жеңимпазларына 10 миллион сумлық сертификат және барлық қатнасыўшыларға 3 миллион сумнан қаржылай сыйлықлар берилди. Бул ҳаққында Жаслар ислери агентлиги ҚР басқармасы хабар берди.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, усы жылдың 27-январь күни Президент Шавкат Мирзиёев басшылығында болып өткен видеоселектор мәжилисинде мәмлекетимиз басшысы тәрепинен қәбилетли жасларды анықлаў, олардың баслама ҳәм умтылысларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мақсетинде «Өзбекстан ушын 100 идея» жойбарын әмелге асырыў усыныс етилген еди.

Бул таңлаўға 14 жастан 30 жасқа шекемги болған Өзбекстан жаслары мәмлекетимизди раўажландырыўға байланыслы, сондай-ақ, белгили бир тараўдағы машқалаға шешим бола алатуғын идея ҳәм усыныслары менен қатнасыўы мүмкин. Ең жақсы идеяларды әмелге асырыў ушын зәрүр қаржылар ажыратылып, усы жойбар арқалы топланған идеялар Инновациялық раўажланыў министрлигиниң идеялар базасына қосылады және келешекте системалы рәўиште әмелге асырыў ушын пайдаланылады.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.