«SpaceX» компаниясының тийкарын салыўшысы, миллиардер Илон Маск «Time» журналы сыпатламасына бола «Жыл адамы» деп жәрияланды, делинеди «РИА Новости» хабарында.
Сыйлықлаў мәресими YouTube арқалы трансляция етилди.
Мағлыўмат орнында айтып өтиў керек, 2020-жылы «Жыл адамы» номинациясында АҚШтың ҳәзирги президенти Жозеф Байден ҳәм вице-президент Камала Харрис жеңимпаз болғаны жәрияланған еди.
2019-жылы болса, экоактив қыз Грета Тунберг «Time» сыпатламасына бола «Жыл адамы» сыпатында тән алынған.
ӨзА